Әбиў Райхан Беруний “Әййемги халықлардан қалған естеликлер” мийнетинде бир қанша халықлардың түрли байрамлары хаққында мағлыўматлар келтирип, бул байрамлар дүньялық ҳәм диний ислер ушын байрамлап келингенин айтып өтеди. Әййемги халықлардың әййямлары арасында жылдың түрли мәўсимлери хәм айларында нышанланатуғын болып, жылдың басланыўын белгилейтуғын байрам Наўрыз ең уллысы есапланған.

Әййемги парсылар жылдың басланыўын “Наўрыз”(Жаңа күн) деп атаған. Бул күн әййемги дәўирлерде қуяштың Саратан мүшелине(бурж) кирген ўақтында байрамланған. Кейин, календарь пайда болғаннан соң, бул байрам бәҳәр мәўсиминиң биринши айы-февраль айының дәслепки күнлеринде байрамлана баслаған.  Қутлы сәнелери ҳәм байрамлары парсыларға уқсап кететуғын соғдларда бәҳәрдиң биринши айы Навсард деп аталып оның дәслепки күни үлкен Наўрыз есапланған. Бирақ парсылар ҳәм соғдларда жылды баслап беретуғын байрам-Наўрыз күнин белгилеўде айырмашылықлар болған. Бул усы мәмлекетлердеги әмелдеги календарьлар менен байланыслы еди. Әййемги Туран цивилизациясының раўажланыўында айрықша орын тутқан Әййемги Хорезмде де көплеп байрамлар болған. Хорезмлилердиң динге байланысы болмаған байрамлары арасында бәҳәрдиң биринши айы-Навсаржи айының биринши күнинде байрамланған.  Жылбасы байрамы уллы байрамлардың бири есапланған. Бул ҳаққында Беруний өзиниң мийнетинде (XI бап) мағлыўмат берип өткен. Усы орында аспан илимлерин, жердиң қуяш әтирапындағы ҳәрекетин 12 мүшелге бөлип шыққан әййемги түрклерде Жыл басы байрамы бәҳәрги күн теңлесиўине  21-мартқа туўра келгенин өз алдына айтып өтиў керек.  Махмуд Қашғарий өзиниң атақлы “Девони луғатит ат-түрк” шығармасында әййемги түркийлердиң байрамлары менен байланыслы әҳмийетли мағлыўматларды келтирип өтеди. Олар арасында бәҳәрги тең күнлик байрамы-Жыл басы байрамына арнап писирилетуғын тағам “сүмелек” хаққындағы мағлыўмат жүдә итибарлы болып табылады. Махмуд Қашғарий халқымыз аспазлық (кулинария) өнериниң әжайып тағамларынан болған “сүмелек” термининиң әййемги түркий сөзлигин қарап шығып, оның аталыўы тийкарынан “сума”, яғный суўда жибитип өндирилген бийдай екенин айтып өтеди. Суўда жибитилген бийдай көгерип шыққаннан кейин оған “лак” сөз жасайтуғын қосымта қосылып ,”суме+лак” деп аталған. Ҳәзирде де “от+лок” термини менен өсимлик өскен майданша аталып келгенин есапқа алсақ “сумалак” атының әййемги түркий атама екенлиги анықласады.

Бүгинги күнде жәмийетимизде бул термин “сумалак” көринисинде қолланылып, оның тийкарында парсый “семалак”-“отыз  мелек” түсиниги жатады, деген илмий тийкарланбаған  түсиник кең тарқалған. Негизинде “мелек” термини тилимизге ислам дәўиринде араб тилинен кирип келген болып, бул түсиник парсыларда  “периште” деп аталады. “Мелек” сөзиниң араб сөзи екенин, араб кулинария өнеринде сумалоқ/сумалак, деп аталыўшы тағамлардың жоқ екенин есапқа алсақ ,”сумалак”термини я парсы я араб сөзи емес екенлиги аңлатылады. Өзбекстанның қубла ўәлаятларында бәҳәрги теңкүнлик байрамын “Жыл басы” аты менен байрамлаў сақланып қалған. Миллий қәдирятларымыз тикленип атырған, түп тарийхымыз қайтып атырған жаңа Өзбекстанда бәҳәрги уллы байрам -“Жылбасы” байрамы атында “Наўрыз” атамасы менен бирге мәмлекетимизде де сондай-ақ улыўма түркий дүньяда да кең жайыў керек. Бунда Орайлық Азия цивилизацияси тийкарлары жаратылған мәмлекетимиз интакер болыўы, елимиз илимпазлары бул туўралы изертлеўлералып барыўы тийис. Астрономия илими раўажланған бүгинги  күнде жердиң қуяш әтирапында ҳәрекети яғный циклы 21-март күнинен басланыўы, бул ҳәрекет 365 күн, яғный 1 жыл даўам етиўи мәлим. Булда әййемги бабаларымыздың анық тәбийғый илимлер тараўында, атап айтқанда, аспан денелери ҳәрекетин үйрениўде өз дәўири ушын алдынғы билимлерге ийе болғанын, қоңсылас үлкелер ҳәм мәмлекетлерге билим тарқатқанлығынан дәрек береди.

Наўрыз байрамы бул нешше әсирлерден берли белгиленип киятырған байрам есапланады. Байрамда миллий ойынларымыз көрсетиледи, миллий қосықларымыз, миллий тағамларымыз писириледи. Әлбетте, бул байрамның қандай белгилениўи ҳәр бир турист ушын қызықлы  әсиресе миллий кийим ҳәм тағамларымызға қызығыўшылығы жүдә жоқары. Соңғы жылларда туристлер көбирек миллий байрамларымызға қызығыўшылық билдирмекте. Себеби, бундай байрамлар арқалы сырт еллилер халқымыздың бай тәкирарланбас мәденияты меннен жақыннан танысады. Сондай-ақ, байрамға туристлердиң өзлериде қатнасып халқымыздың сондай миймандос халық екенлигиниң гүўасы болады. Жаңа Өзбекстанға кирип келген бәҳарий уллы байрам, жаңа жыл-Наўрыз себепли бул мағлыўматларды келешек-әўлад санасына сиңдириў арқалы бай тарийхымыз, бийбаҳа қәдирятларымыз, миллий байрамларымыз ҳаққындағы билимлерди кең жайыў тәлим системасы алдындағы ўазыйпалардан бири болыўы керек.

 

 

Саламат Сулайманов, тарийх илимлериниң докторы(DSc), доцент,

Малика Каюпова еркин излениўши.

Қарақалпақстан хабар агентлиги