Миллетлер арасындағы дослықты жырлаў, оларды жасларымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасындағы фестивальды ҳәр айда өткериў жақсы дәстүрге айланған.

Гезектеги өткерилген усындай фестиваль шеңберинде мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған миллий-мәдений орайлар, сондай-ақ, институтта оқып, билим алып атырған түрли миллет ўәкиллери, шебер студентлер тәрепинен исленген миллий кийимлер, қол өнери үлгилери, сүўретлер көргизбелери шөлкемлестирилди.

Илажға миллий-мәдений орайлардың басшылары, ағартыўшы зиялылар, илимпазлар, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.



Бүгинги күнде елимизде бир жүз отыздан аслам миллет ҳәм халықлардың ўәкиллери бир шаңарақтың перзентлериндей татыўлықта, аўызбиршиликте жасап, түрли тараўларда нәтийжели мийнет етпекте.

Ҳәзирги ўақытта Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 18 мыңға шамалас студентлер билим алмақта. Билимлендириў 5 тилде алып барылатуғын бул оқыў дәргайында қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен, рус, корейс, қырғыз, әзербайжан, башқурт, уйғыр ҳәм татар сыяқлы улыўма 11 миллетке тийисли студентлер бир шаңарақтың перзентлериндей, аўызбиршиликте оқып атыр. Олар тек ғана институтта емес, соның менен бирге, республикамыз көлеминде өткерилип киятырған улыўма халықлық илажларда да татыўлық пенен биргеликте қатнасып, үлкен нәтийжелерди қолға киргизип келмекте.

Фестиваль шеңберинде елимизге белгили көркем өнер шеберлери ҳәм институттың «Тумарис» халық ансамбли, Шет тиллери ҳәм Мектепке шекемги тәлим факультетлериниң талантлы студентлериниң атқарыўындағы түрли миллет ўәкиллериниң қосықлары, аяқ-ойынларынан ибарат концерт бағдарламасы жыйналғанлар итибарына усынылды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги