Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ректорат ҳәм кәсиплик аўқамы комитети арасында 2023-2025-жылларға дүзилген жәмәәтлик шәртнамасы бәнтлериниң 2023-жылдағы орынланыўы мәселелерине арналған конференция болып өтти.

Конференцияға Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Р.Абдурахманов, усы кәсиплик аўқамының Нөкис қалалық бөлимшеси баслығы М.Даўылбаев, сондай-ақ, институт факультетлери, кафедралары ҳәм бөлимлеринен делегатлар қатнасты.

Конференция күн тәртибине муўапық, институт ректораты ҳәм кәсиплик аўқамы комитети арасында хызметкерлердиң социаллық-экономикалық, ҳуқықый мәплерин қорғаў бойынша 2023-2025-жыллар ушын дүзилген жәмәәтлик шәртнамасының 2023-жылдағы орынланыўы ҳаққында акти, ректорат тәрепинен орынланыўы, сондай-ақ, институт кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен шәртнама бәнтлерин орынлаў бойынша ислеген жумыслары ҳаққында есабы тыңланды.


Атап өтилгениндей, жәмәәтлик шәртнамада 17 бап болып, олардың орынланыўын мониторинг етиў жумысларының жуўмақлары ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Шәртнама тийкарында институт ректораты тәрепинен хызметкерлердиң мийнет шараятларын жақсылаў, айлық мийнет ҳақысын өз ўақтында бериў, мийнетти қорғаў ҳәм техникалық қәўипсизлик мәселелерин жолға қойыў, студентлердиң оқыў шараятларын жақсылаў ҳәм стипендияларын бериў жумыслары өз ўақтында ҳәм толық түрде алып барылған.

Атап айтқанда, 2023-жылы бюджет есабынан 34 миллиард 404 миллион сумнан аслам смета қәрежетлери тастыйықланып, соның 15 миллиард 119 миллион сумы мийнет ҳақы, 23 миллиард 974 миллион сумы стипендия ушын қаратылды.

Конференцияда институт кәсиплик аўқамы комитети баслығы К.Гүлимбетовтың комитет тәрепинен шәртнама бәнтлерин орынлаў бойынша ислеген жумыслары ҳаққында есабы тыңланды.

Жәмәәтлик шәртнама арқалы хызметкерлерге қосымша хошаметлеў пуллары, материаллық жәрдем берип барылды. Атап айтқанда, кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен 2023-жылы 241 хызметкерге 111 миллион 260 мың сумлық материаллық жәрдем берилди. Сондай-ақ, юбилей сәнелери мүнәсибети менен жыл даўамында 3 хызметкерге 1 миллион 562 мың сумлық баҳалы саўға (гилем) тапсырылды. Кәсиплик аўқамы комитети өз ис жобасынан басқа институт ректораты тәрепинен ислеп шығылған ис жобалары тийкарында да жумыслар алып барды.

Институт профессор-оқытыўшылары ҳәм техник хызметкерлери, олардың ата-аналарына кәсиплик аўқам қаржылары есабынан 68 жоллама алынып, соннан шаңарақ ағзалары ушын 18 жолламалар ажыратылып, хызметкерлер ушын жоллама баҳасының 55 проценти кәсиплик аўқамы есабынан төлеп берилди.

Хызметкерлер ҳәм студентлердиң спорт түрлери бойынша жеңимпазларын хошаметлеў ушын кәсиплик аўқам комитети тәрепинен 78 миллион 385 мың сум қаржы ажыратылды.

Институтта ҳуқықый қорғаў бойынша жумысларын талап дәрежесинде алып барыў институт кәсиплик аўқамы комитетиниң бас ўазыйпаларының бири есапланады.


Институт кәсиплик аўқамы комитети ҳәр жылы тараў хызметкерлери ҳәм студентлериниң социаллық-экономикалық мәплерин, ҳуқықларын қорғаў бойынша бир қатар ислерди әмелге асырды.

Конференцияда сөзге шыққан жуўапкерлер ҳәм делегатлар жәмәәтлик шәртнаманың орынланыўы бойынша пикирлерин билдирип, алдағы исленетуғын жумыслар туўралы усыныслар берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги