Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын Тақыятас районына пресс-тур шѳлкемлестирилди. Илажға басқарманыӊ мәлимлеме хызмети баслығы, районлық бѳлим баслығы ҳәм қәнигелери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Пресс-тур даўамында қатнасыўшылар Саўда-санаат палатасыныӊ белсенди ағзалары, Тақыятас районында жайласқан «EKO SHIFO MAHSULOTI» ЖШЖ, «ZAMIRBEK TAXIYATAS» жеке кәрханасы ҳәм «YUNGA PRINT TAXIATASH» ЖШЖ жумыслары менен танысты.

Онда атап өтилгениндей, «ZAMIRBEK TAXIYATAS» жеке кәрханасы интенсив усылда жылына 45 тоннадан зыят балық жетистиреди. Ал, «EKO SHIFO MAHSULOTI» ЖШЖ жаңа бизнес жумысын баслаған.

– Быйыл жаңа бизнес бойынша өз жумысымды раўажландырыўды мақсет етип, жаңа кәрхана ашып онда тийкарынан боян тамыр ѳниминен шығатуғын еӊ соӊғы шығындыны да зая етпей, брикет ислеп шығарыўды жолға қойдық,-дейди исбилермен Ильяс Фазилов.

Брикет – бул жанылғы сыпатында пайдаланыўға арналған шийки ѳним болып, ол кѳмирге салыстырғанда арзан ҳәм сапалы болып есапланады.

Жәми 250 миллион сумлық әсбап-үскенелер менен тәмийинленген бул кәрхана ҳәзирги күнде жәми 4 жумыссыз пуқараны жумыс пенен тәмийинлеген.

Саўда-санаат палатасы тәрепинен исбилерменге ислеп шығарыў бойынша өз жумысын баслаўы ушын шийки өним табыўда ҳәм жаңа бизнес жойбарларын әмелге асырыўда жақыннан жәрдем берилген.

Үш жыл алдын ѳз жумысын баслаған «ZAMIRBEK TAXIYATAS» жеке кәрханасы бүгинги күнде исбилерменге мол дәрамат келтирмекте. Бул кәрхананың директоры Ахмет Ҳасанов жәми 10 гектар майданда жайласқан жасалма суў ҳәўизлеринде интенсив усылда сазан, амур, толстолобик ҳәм басқа да балық түрлерин жетистиреди. Жылына 45 тоннадан зыят балық жетистиретуғын бул кәрхана еӊ дәслеп өз жумысын 2 миллиард сумлық жеӊиллетилген кредит алыў арқалы баслаған. Ҳәзирги күнде ишки базарды балық ѳнимлери менен тәмийинлемекте.




Саўда-санаат палатасы тәрепинен исбилерменниң ҳуқықларын қорғаў бағдарында әмелий жәрдем берилди.

Пресс-тур қатнасыўшылары «YUNGA PRINT TAXIATASH» ЖШЖ да халыққа сапалы хызмет көрсетип атырғанлығының гүўасы болды.

Фирма директоры жас исбилермен Полат Еримбетов 2023-жылдан баслап 32 миллион сум жеӊиллетилген кредит алыў арқалы ѳз жумысын баслаған. Жергиликли халыққа сервис хызметлерин кѳрсетиўге бағдарланған бул фирмада 2 жумыс орны жаратылған.

Пресс-тур даўамында Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Тақыятас районлық бѳлими тәрепинен исбилерменлигин басламақшы болған жасларға жаӊа бизнес жойбарларын ислеп шығыў, жеӊиллетилген кредитлер алыў ҳәм исбилерменлердиӊ ҳуқықларын қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар туўралы ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине кең түрде мағлыўматлар берилип, олар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги