16-18-март күнлери «Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки» сүрени тийкарында, улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги пайтахтымыз Нөкис қаласында даўам етпекте.Шембиликке барлық мәкеме –кәрханалардың хызметкерлери  белсене қатнаспақта.

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы хызметкерлери де бүгинги шембиликте  белсене қатнасып, олар  өзлерине бекитилген  Нөкис қаласы “Нәўбәҳәр” МПЖ аймағында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын алып бармақта.




*   *  *

Елимизде аўызбиршилик пенен басланған улыўмахалықлық  қайырқомлық шембиликке  Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектептиң жәмәәти де белсене қатнаспақта. Олар жап-салмаларды тазалаў,  қыйтақ жерлерди аўдарып егиўге таярлаў ҳәм  нәллерди отырғызыў жумысларын алып бармақта.



Қарақалпақстан хабар агентлиги