Мәмлекетимиз бойлап жǝрияланған “Жасыл мǝкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде бүгин  Хожели районы “Кулаб” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында абаданластырыў жумыслары шөлкемлескенлик пенен баслап жиберилди. Оған, районның сектор басшылары, тийисли тараў қәнигелери ҳәм 28 мәҳәллениң белсендилери қатнасты. Акция қатнасыўшылары тәбиятымызды көгалландырыўға өзлериниң салмақлы үлеслерин қосыў мақсетинде аймақты тазалаў жумысларын әмелге асырып, ҳәр қыйлы терек нәллерин екти.






Қарақалпақстан хабар агентлиги