Гейде изде қалған жылларға нәзер салып өмир мәўритлерин ой елегинен өткергениңде, мен нелерге еристим, нелерди жоғалттым деп өз-өзиңнен имтихан аласаң. Ҳаслында бул имтиханның муғаллими тәғдир болса, оны бәрқулла нәзерден қашырмай бақлап баратуғын төрешиси халық, ал, оның шәртлеринен иркинишсиз өтиўге тырысып жүретуғын өзиң болғанлықтан табысларыңа сүйсинип, өмирден өз орныңды тапқаныңа қуўанасаң. Бул әсиресе,  алпыстың асқарында  көп бақланатуғын қубылыс.

«Жүзим бағ» та туўылып өсип, Нөкиске билим аламан деп келген жас жигиттиң  әрманлары оны, Бердақ атындағы ҚМУ дың журналистика бөлимине жетелеп келди. Әкесинен ерте айрылып, анасының сүйениши болып, үкелерине бас болған Дәўлетбай Бекбаўлиев имтиханларды табыслы тапсырып, студент болды. Ўақтында «әдебият сынының жаўынгери» атанған Генжемурат Есемуратов университетте шығатуғын «Нөкис университети» газетасының редакторы еди. Қаттықол ҳәм дөретиўшилик мийнетке сын көзқарас пенен баҳа беретуғын устаз  оны исеним менен студент болса да усы газетаның жуўаплы хаткери етип бекитти. Усы ўақытлары оның журналистлик хызметлери әсте-әсте жетилисип, мақалалары республикалық газеталарда басылып шығыўы менен бирге, қарақалпақстан радиосында еситтириўлер алып барды. Студентлик алтын дәўирдиң зағарасын тең бөлисип жеген дослары менен биргеликте жаңа басламалардың басында болып, жәмийетлик жумысларда да белсене қатнасып, жақсы ислери менен көзге тасланды. Сол дәўирде қарақалпақ әдебиятының раўажланыўына үлес қосқан илимпаз-устазлар Камал Мамбетов, Есемурат Бердимуратов, Қонысбай Камалов, Сражатдин Ахмедов, Қабыл Мақсетов, Кеңесбай Алламбергенов, Әбдисайыт ҳәм Жүгинис Пахратдиновлардан тәлим алыў менен бирге ол студентлик жыллардан баслап-ақ илим жолына кирип барды.

Ол университетти тамамлағаннан соң Ташкент мәмлекетлик университетинде аспирантурада тәлим алды ҳәм 1997-жылы илимий басшысы Тахир Пидаевтың басшылығында  «Ғәрезсизлик дәўириндеги қарақалпақ баспа сөзи» темасында кандидатлық дисертациясын табыслы жақлап шығып, қарақалпақ журналистикасы тарийхы бойынша жақлаған ең биринши алым болды. Оның өмир жолы университеттиң журналистика бөлими менен тығыз байланыста болып, мине, бир неше жыллардан берли жасларға журналистика тарийхы пәнинен билим берип келмекте.

Дәўлетбай Бекбаўлиев республикамыз баспасөзи тараўында жуўапкершиликли жумысларда ислеп, тараўдың раўажланыўына өз үлесин қосып киятырған пидайы инсанлардан бири болып есапланады.

Оның өз исине пидайылығы 2000-жылы «Қарақалпақстан жаслары» газетасына  бас редактор етип    бекитилген дәўирлерде айрықша көзге тасланады. Тиражы төменлеп,  материаллық жағдайы аўыр аўҳалға келип қалған газетаны ол шебер шөлкемлестириўшилик уқыбы менен аяққа турғызыўға еристи. Буның нәтийжесинде газетаның тиражы көбейип,  хызметкерлердиң айлығы өз ўақтында берилип басланды.  Газета жас кадрлар менен толысып, қунлы мақалалар жазылып, оқыўшылар излеп жүрип оқыйтуғын дәрежеге ийе болды.

-Дәўлетбай аға газетамызға редактор болып ислеген  қысқа ўақыт ишинде үлкен жумысларды әмелге асырды. Хызметкерлер пулсыз отпускаға шығып атырған бир пайыт еди.  Ол буйрықларды бийкарлап, хызметкерлерди жумысқа шақырып,  қыйыншылықлардан шығыў жолларын излестирип, алып шыққан басшы болды. Нәтийжеде газетамыз гүллеп-раўажланды,-дейди шәкиртлериниң бири, тәжирийбели журналист Арыўхан Турекеева.

Дәўлетбай аға  2009-жылдан баслап университеттиң журналистика кафедрасына он жыл даўамында  басшылық етти. Ол өзиниң педагогикалық мийнет жолында бирнеше шәкиртлер таярлап, жасларға устазлық еткен «устазлардың устазы» есапланады.

Усы күнге шекем оның 50 ге шамалас мақала ҳәм тезислери республикалық ҳәм халықаралық журналларда, конференция топламларында басылып шыққан болса «Мен редакциядан…», «Газета қалай шығады?» атамасындағы  оқыў-методикалық қолланбалары келешек журналистлер ушын ең зәрүр оқыўлық болды. Сондай-ақ, журналистика кафедрасының профессор-оқытыўшылары менен биргеликте «Журналистика ҳәм ғалаба  коммуникация тийкарлары» атамасындағы сабақлықтың шығарылыўына басшылық етти. Ол қандай лаўазымда ислесе де, қандай қыйын ўазыйпаларды атқарса да илимпаз сыпатында жасларға тәлим-тәрбия берип, әсиресе, журналистика тараўы бойынша маман қәнигелер таярлаўға үлес қосып келмекте. Оның мийнетлери баҳаланып, 2001-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы ҳәм 2023-жылы «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Инсанның бахтын белгилеп беретуғын турмыс мектебинде Дәўлетбай аға өмирлик жолдасы Абадан апа менен биргеликте камалға келтирген перзентлеринен ақлықлар сүйген бахытлы  шаңарақ басшысы. «Жүзим бағ» тан шығып, өмир гүзарының айдынларында   алпыс жастың асқарына шығып атырған устазымыз Дәўлетбай Бекбаўлиевты  қутлықлап, зор денсаўлық, шаңарағына аманлық, дөретиўшилик табыслар тилеймиз.


Г. Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы