Пайтахтымызда Пүткил дүнья жүзилик мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер күни мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстанда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық мәселелерди шешиўде өз-ара бирге ислесиў перспективалары» атамасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Илаж Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкемлери миллий ассоциациясының басламасы менен Өзбекстан Республикасы Сенаты, Әдиллик министрлиги, Олий Мажлис жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Онда мәмлекетимиздеги МКШларды қоллап-қуўатлаў, жаратылып атырған шараятлар, тараўдың ҳуқықый базасын беккемлеў бағдарында алып барылып атырған әмелий ҳәрекетлер додаланды.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде МКШлар саны 9 мыңнан артты. МКШлар исбилерменлик, фермерлик, экология, спорт, инсан ҳуқықларын қорғаў, жаслар, ҳаял-қызлар, майыплығы бар шахслар менен ислесиў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, техника, илим ҳәм илимий-изертлеў тағы басқа да бағдарларда жумыс алып бармақта.

Әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде ўәлаятлар орайында «Мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкемлер үйлери» шөлкемлестирилип, көплеген мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң имаратқа байланыслы машқалалары шешилди. Олардың социаллық пайдалы жумысын және де жақсылаў ушын мәлимлеме-ресурс орайлары шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди қаржылай қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. 2024-жылы Мәмлекетлик бюджеттен 1,8 триллион сум қаржы ажыратылатуғыны белгиленди. Бул қаржылар халықтың социаллық машқалаларын шешиўге қаратылған жойбарларға ҳәм әлбетте, МКШлардың техникалық базасын беккемлеўге қаратылмақта.

Қалаберсе, «үшинши сектор» ушын кадрлар таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыўға да үлкен итибар қаратылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы пәрманы менен 2025-жылға шекем 750 МКШ басшыларының маманлығын арттырыў нәзерде тутылған болып, усы күнге шекем 300 МКШлардың ўәкиллери Мәмлекетлик басқарыў академиясында оқытылды.

Соның менен бирге, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ўәкиллериниң жәмийетимиздиң барлық тараўларындағы басламалары артып бармақта. Әсиресе, мәмлекетлик бағдарламалар, тараўға байланыслы нызамшылықты жетилистириў бағдарында өзлериниң усынысларын билдирип, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы бойынша жәмийетлик қадағалаў илажларын да өткермекте.

Илажда мине усындай белсене излениўи, интакерлиги менен жәмийетте өз орнын таба алған бир топар мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Гулноза БОБОЕВА,

ӨзАның хабаршысы