Армения ҳәм Әзербайжан Қазақстанда сөйлесиўлер өткереди. Бул ҳаққында Қазақстан Сыртқы ислер министрлигиниӊ рәсмий ўәкили Айбек Смадияров айтып өтти.

 «Әзербайжан ҳәм Армения сыртқы ислер министрлери арасындағы сөйлесиўлер Алмаатада болып өтеди. Ҳәр еки тәрепте қатнасатуғынын тастыйықлады. Илаждыӊ сәнеси қосымша түрде жәрияланады», — деди Смадияров.

Қазақстан президенти Қасым-Жомарт Тоқаев жақында Баку ҳәм Ереванга сапары даўамында тәреплерге сөйлесиўлер ушын платформа усыныс еткен еди, деп мәлимлеме береди хс.уз

Буннан алдын Смадияров Армения ҳәм Әзербайжан сыртқы ислер министрлериниӊ Қазақстандағы ушырасыўы олардыӊ дәлдалшы сыпатындағы ўәкиллери қатнасыўысыз өтетуғынын айтқан еди.

29-апрель күни Армения сыртқы ислер министрлиги баспасөз хаткери Ани Бадалян Қазақстанда Армения ҳәм Әзербайжан сыртқы ислер министрлери дәрежесиндеги ушырасыў бойынша келисимге ерисилгенин мәлим еткен еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги