Мәмлекетимизде реформалар процесине пуқараларды жедел тартыў ҳәм халықтыӊ түрли қатламларын қамтып алыў бағдарында халықаралық тәжирийбелер үйренип барылмақта.

«Раўажланыў стратегиясы» орайында Германия Бундестагиндеги «Германия – Орайлық Азия» парламент топары баслығыныӊ орынбасары Манфред Грунд басшылығындағы делегация ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Онда «Раўажланыў стратегиясы» орайы атқарыўшы директоры Элдор Туляков Германия Бундестагиниӊ депутатларына Өзбекстандағы реформаларда пуқаралық жәмийети институтларыныӊ қатнасыўы, «Өзбекстан-2030» стратегиясыныӊ әҳмийети ҳаққында мағлыўмат берди.

Сондай-ақ, орай басшысы халықтыӊ қабыл етилип атырған узақ жыллық әҳмийетли стратегиялық ҳүжжетлер ҳәм сиясий процесслердеги белсене қатнасын тәмийинлеў, усыныс ҳәм пикир-ойларын системалы үйренип барыў механизмлери бойынша сөз етти.

Өз гезегинде Германия тәрепи бирге ислесиўши сыпатында Өзбекстанды бәрқулла қоллап-қуўатлайтуғынын мәлим етти. Сондай-ақ, делегация ағзалары реформалар процесине пуқараларды жедел тартыў ҳәм халықтыӊ түрли қатламларын қамтып алыў бағдарындағы тәжирийбелери менен ортақласты.

Ушырасыў жуўмағында «Раўажланыў стратегиясы» орайы ҳәм «Германия-Орайлық Азия» парламент торапы арасында бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Абдулазиз РУСТАМОВ, ӨзА