Муғаллим – бул жақсылық ҳәм билимлендириў жолының бийминнет шырақшысы.

Әлийшер Наўайы.

Адамды уллылыққа жетелейтуғын, оны инсан сыпатында бир қәлипке келтиретуғын кәсиплердиң бири устазлық кәсибидур. Бул кәсип ийеси өмириниң ҳәр бир саатында, минутында жаңалықлар жаратыў, үлкен өмирге умтылыўлар менен жасайды. Адамның дүньяға адам болып келиўи аңсат, лекин инсан болып қалыўы қыйын деген еди уллы философлардың бири. Демек, адам өмир жолында инсан болып қалыўы ушын ол басып өткен мийнет жоллары, еткен хызметлери баслы орынды ийелейди.

Биз сөз етпекши болған усындай устазлардың бири Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент Мадрейим аға Ережепов. Оның басып өткен өмир жолы, ислеген мийнетлери бүгинги жасларға үлги болады деп ойлаймыз.

Шымбай районы Қ.Әўезов аймағында Турым ийшанның кишкене улы Ережеп атаның шаңарағында туўылған перзентлериниң бәри жаслайынан мийнетте пискен, оқыўға уқыплы перзентлер болып тәрбияланған. Олардың ҳәммеси де ел халқына пайдасы тийгендей азаматлар болып жетилисти.

Олардың ишинде шаңарақтың ең кишкене перзенти Мәдрейим аға физика-математика тараўында айрықша қызығыўшылығы күшли екенлиги дәрҳал көзге тасланды. Шымбайдағы орта мектепти табыслы питкерип, Ташкенттеги САГУ (Среднее азиятский гос университитет) ҳәзирги Өзбекстан Миллий университетиниң физика факультетин табыслы тамамлап, физика оқытыўшысы маманлығын ийелеп физика тараўында билим дәрежесин жетилистириў мақсетинде Өзбекстан илимлер академиясының Физика-техника институтына илимий хызметкер лаўазымына жумысқа кирген. 1950-жыллардың ақырында Өзбекстанда ярымөткизгишлер физикасы тараўында илимий изертлеўлер жаңа басланып атырған дәўир еди. Сонлықтан, Өзбекстан Илимлер академиясының басламасы менен физика-техника институтының атынан еки илимий хызметкер (Ережепов Мадрейим аға ҳәм Азимходжаев  Ходжаакбар) билимин жетилистириў мақсетинде Украинаның Киев университетине жиберилген.

Ол жерде Украина Илимлер академиясының академиги С.И.Пекардың илимий басшылығында Мадрейим аға Ережепов 1966-жылы Украина илимлер академиясының ярымөткизгишлер институтының илимий кеңесинде «Зарядланған қосымша орайлардың майданларын есапқа алғандағы ярымөткизгишлердеги көширмели қубылыслар теориясы» деген темада кандидатлық диссертациясын табыслы қорғап шығып, Өзбекстан Илимлер академиясының физика-техника институтына қайтып келип аға илимий хызметкер лаўазымында илимий жумысларын даўам етеди.

Мадрейим аға Қаракалпақстанда ярымөткизгишлер физикасы бойынша илимий изертлеў жумысларын қандай жоллар менен баслаўға болатуғынлығын ҳәм қалайынша раўажландырыў мүмкиншиликлери ҳаққында ойланып жүрди. Себеби бул жыллар Қарақалпақстан Республикасында үлкен өзгерислер, қайта қурылыўлар дәўири еди.

1966-жылдың ақырларында Өзбекстан Илимлер академиясының Президенти Убай Арипович Арипов Мадрейим Ережеповты алдына шақырып ҳәм оған Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан филиалында физика-математика илимин раўажландырыў мақсетинде филиалда физика-математика секторын ашып, оған сол сектордын баслығы ўазыйпасын атқарыўды тапсырды. Бул ўазыйпа Мадрейим ағаның кеўлине түйип жүрген нийетин иске асырыўда қол келди.

Солай етип, 1967-жылдан баслап Өзбекстан Илимлер академиясының Қарақалпақстан филиалында үш штат пенен физика-математика секторы Мадрейим ағаның басшылығында жумыс баслады. Илимий хызметкерлерсиз сектордың жетерли дәрежеде тез раўажлана алмайтуғынлығын түсинген ҳалда 1967-жылдың басларында Мадрейим аға Өзбекстан Илимлер академиясының Президенти Убай Ариповичтен өтиниш етип, төрт стажёр-изертлеўши штатын алыўға еристи. Соннан еки орын физиканың, еки орын математиканың раўажланыўы тийкары болыўы ушын тынбастан жумыслар алып барды. Физикадан еки стажёр-изертлеўши орынға Оспан Данияров ҳәм Еркин Сейтов Киевке Украина ИА Ярымөткизгишлер физикасы институтына стажёр-изертлеўши лаўазымына жиберилди.

Математика бойынша еки стажёр-изертлеўши орынға Украина Илимлер академиясының математика институтына Аманбай Отаров, Оразымбет Садыковлар Киев университетине жиберилди.

“Бир илимий дәлиллеўди қолға киргизиў мен ушын парсы салтанатына ҳәкимлик еткеннен жақсырақ”, деген екен Демокрит. Бул ҳикметти тийкар еткен сайланып алынған жаслар кейин аспирантураны тамамлап, кандидатлық диссертациясын жақлап келип, Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жасларды тәрбиялаўда табыслы жумыслар иследи.

1971-жылдан баслап Мәдрейим аға Қарақалпақ педагогикалық институтында оқытыўшы лаўазымына жумысқа өтип, 1976-жылы пединституттың университетке айналыўына байланыслы, университетте ярымөткизгишлер физикасы тараўында илим изертлеў жумысларын раўажландырыў мақсетинде Киевке ярымөткизгишлер физикасы институтына илимий командировкаға барып, сол институттың ярымөткизгишлер физикасының академиклери С.И.Пекар, О.В.Снитко, илим докторларынан Е.А.Сальков, Ю.А.Тхорик, Р.В.Канакова, В.А.Романов, М.К.Шейнкманлар менен Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Көп қатламлы ҳәм дәўирли ярымөткизгишли структуралар» атлы проблемалық лабораторияны шөлкемлестириў зәрүрлигин билдирди.

Устазым Мадрейм аға Ережепов айтканындай ярымөткизгишлер физикасы мәселелери бойынша проблемалық лаборатория шөлкемлестирилсе, оқытыўшылардың илимий потенциаллары биригип, ярымөткизгишлер физикасы тезирек раўажланып, орайлық университетлер дәрежесиндеги масштабқа көтерилер еди.

Солай етип, Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде бириншилерден болып проблемалық лаборатория шөлкемлестирилди. Енди сол проблемалық лабораторияда алып келинген әсбап үскенелерди иске қосып, керекли нәтийжелерге ерисиў машқалаларын шеше алатуғын қәнигелер таярлаў устаздың дыққатында болды. Сонлықтан, илимге әсиресе, ярымөткизгишлер физикасына қызығатуғын жасларды таңлаў ушын физика факультети деканы Бердимурат аға менен ойласа отырып, факультетте ярымөткизгишлер физикасы маманлығын питкерип атырған илимге қызығатуғын жасларды таңлаў тийкарғы мәселелерден еди.

Солай етип, проблемалық лабораторияға жоқары квалификациялы кадрлар таярлаў мақсетинде, бир катар жаслар Киевке Ярымөткизгишлер физикасы институтына ҳәм Санк-Петербургтағы А.Ф. Иоффе атындағы физика-техника институтынларына оқыўға жиберилди. Нәтийжеде бүгинги күнде сол жоқары қалаларға жиберилген жаслардан төрт илим докторы ҳәм оннан зыят илим докторлары Республикамыздың жоқары оқыў орынларында табыслы жумыс ислеп атыр. Бул устазымыз Мадрейим ағаның проблемалық лаборатория ашыў менен биргеликте жоқары квалификациялы кадрларды таярлаўдағы орны деп билемиз, яғный, илимге қызығыўшы жасларымыз ушын үлкен имканиятлар жаратылды.

Жоқарыда айтылған жетискенликлер менен бирге устаз Мадрейм аға Ережепов 1993-жылы ярымөткизгишлер физикасы бойынша жоқары квалификациялы кадрларды таярлаў мақсетинде проблемалық лабораторияның илимий бағдарламасы тийкарында ярымөткизгишлер физикасы кафедрасында аспирантура ашыўға ерисилди. Бүгинги күнде жоқары квалификациялы кадрларды таярлаўда усы аспирантураның тутқан орны гиреўли.

Ҳәдисте “Кәсиптиң ең жақсысы адамның өз қолы менен орынланатуғын жумысы ҳәм ҳадал саўатыдур”делингениндей, бир инсан қолынан келгенинше, интеллектуаллық уқыплылығы жеткенинше келешекке умтылып, бахытлы өмир сүриўге ҳәрекет етеди.

Устаз биз шәкиртлерине ҳәмме ўақытта келешекке умтылып жасаўды, усыған өзиңизде уқыпты қәлиплестирип барыўды үгитлеўден шаршамайтуғын еди.

Демек, келешекке умтылыўшылық уқыплылығы дегенде заманласлары еле ислей алмаған ислерди ислеп, әмелге асырып, ал ислериниң нәтийжелериниң өзинен басқаға да пайдалы екенлигин дәлиллеп көрсетиў уқыплылығы нәзерде тутылады, деп устазымыз өз өмир тәжирийбелеринен мысаллар менен үйретер еди.

Демек, адамның инсан болып қәлиплесиўинде өзи жасаған орталық, өзиндеги бар қәбилет оны бәлент шыңларға көтереди. Сөзимиздиң ақырында устаз Мәдрейим аға Ережеповтың ислеген әдиўли ислерин еслей отырып, марҳумның жатқан жери жайлы ийманы жолдасы болсын, деймиз перзентлерине, өмирлик жолдасына зор денсаўлық тилеймиз.


Марат Тагаев,

Техника илимлериниң докторы,

профессор, Қарақалпақстан Республикасына

мийнети сиңген илим ғайраткери,

ҚМУдың физика кафедрасы баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги