2024-2025- оқыў жылынан баслап Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ҳәр бир ўәлаятта биреўден улыўма орта билим бериў мәкемелеринде 10-11-класс оқыўшыларын педагогикалық кәсипке системалы таярлаў ушын педагогикалық класслар тәжирийбе-сынақ түринде шөлкемлестириледи.  

Бағдарда усы жылдың 29-апрель күни Министрлер Кабинетиниң “Улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң  оқыўшыларын педагогикалық кәсипке мақсетли таярлаў ҳәм питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў илажлары хаққында”ғы 242- санлы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, мектеплерде педагогика бойынша сабақлар шөлкемлестириў процесслеринде тийисли аймақтағы педагогикалық жоқары билимлендириў шөлкемлери жәрдем береди.

Алдынғы сырт ел тәжирийбелери  тийкарында педагогикалық класслар ушын өз алдына оқыў бағдарламасы ислеп шығыўы режелестирилмекте.

Педагогикалық классларды тамамлаған питкериўшилерге гүўалық ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде тәрбияшы жәрдемшиси кәсиби бойынша ислеў ҳуқықын бериўши мәмлекетлик үлгидеги сертификат бериледи.

Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети педагогикалық класслары шөлкемлестирилген мектеплер ҳәм бириктирилген педагогикалық жоқары билимлендириў шөлкемлериниң жумысларын муўапықластырады ҳәм оларға методикалық жәрдем көрсетеди.

Ҳүжжет пенен Улыўма орта билимлендириў шөлкемлеринде педагогикалық классларды шөлкемлестириў ҳәм питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў ҳаққындағы реже тастыйықланды -деп жазады xabar.uz

Ол төмендегилерди нәзерде тутады:

  • педагогикалық классларды шөлкемлестириў тәртиби:
  • мектеплер ҳәм педагогика бағдарындағы жоқары билимлендириў шөлкемлери;
  • педагогикалық классларды питкериўшилерге тийисли кәсип бойынша ислеў ҳуқықын бериў.

                                                         Қарақалпақстан хабар агентлиги