«Өзбекстан – 2030» стратегиясының 11-мақсетинде жас излениўшилердиң үлесин көбейтиў, олардың илимий-излениўлерин қоллап-қуўатлаў, жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий шөлкемлер ушын ажыратылатуғын стажёр-излениўшилик, таяныш докторантура, докторантура ҳәм мақсетли докторантура квоталарының санын басқышпа-басқыш арттырып барыў, сырт еллердеги шөлкемлерге қысқа мүддетли стажировкаларға жиберилетуғын 39 жасқа шекемги излениўшилердиң үлесин 47 процентке жеткериў ўазыйпалары белгиленген.

Мине усы мақсетти әмелге асырыў мәселелерине бағышланып ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети математика факультетиниң студентлери менен «Жаслар ҳәм жас излениўшилер» дөгерек стол сәўбетлесиўи шөлкемлестирилди.

Таяныш докторант Венера Усенова «Жоқары оқыўдан кейинги тәлим түрлери» атамасындағы презентациясында жасларға таяныш доктарантура, доктарантура ҳәм еркин излениўшилик, илимий мақалаларының әҳмийети ҳәм қандай журналларда шығарыў кереклиги ҳаққында мағлыўматлар берди.

Нөкис қаласы Кеңесиниң депутаты Ырысты Қуттымуратова да жасларға  жокарғы окыўдан кейинги тәлим түрлери, сырт ел университетлери, бүгүнги күнде жас излениўшилер ушын елимизде жаратылған имканиятлар ҳаққында қызықлы ҳәм керекли мағлыўматларды атап өтти.

– Бүгингидей сабақтан тыс ўақытлары жаслар менен докторантлардың ушрасыўларын шөлкемлестирип барыў илимий жумысларға студентлердиң қызығыўшылығын арттырып, жоқары оқыўдан кейинги билимлендириў түрлерине бизлерди бағдарлаўда әҳмийети үлкен.   Бизлер докторантларға қойылатуғын талаплар, илимий жумыслардың жазылыўы, оны жақлаў мүддети ҳәм әҳмийети ҳаққында көп мағлыўматларға ийе болдық-дейди  математика факультетиниң 2-басқыш студенти А.Календаров.

Сәўбетлесиў даўамында студентлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Клара Худайбергенова,

 ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң бөлим баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги