Бул кеселликтиң алдын алыў ушын биринши гезекте жеке гигиенаға итибар бериў талап етиледи.  Буныӊ ушын үйге келген ўақытлары биринши гезекте қолларды сабынлап жуўыў, бәрҳама қайнаған суў ишип жүриў керек.

Ҳәр қандай мийўе ҳәм овощ өнимлерин қайнаған суўға жуўып пайдаланыў керек. Себеби вируслы гепатит жуқпалы кеселлик болып, оныӊ A,B, C, D, E түрлери ушырасады. Қандай вирус шақырыўына қарамастан олар баўырды зыянлап баслайды.

Кеселликтиӊ белгилерине келетуғын болсақ, денениӊ териси, көздиӊ ағы сарғайып баслайды. Денениӊ ыссылығы көтерилип, оӊ қабырға астыныӊ әтирапы аўырады. Ҳәлсизлик пайда болып, иштей жоғалады. Нәтийжеде кеселлик белгилери пайда болған адам тез шаршап, кеўли айныйды. Киши дәрети қызарып, иши өтеди. Айырым ўақытлары қаталап, реӊи өзгереди.

Бул кеселлик тийкарынан суў, азық-аўқат ҳәм патас қоллар, анадан балаға, силекей қабат, жарақатланған тери, қан арқалы жуғады. Қан арқалы, мәселен, бир шприцтен бир нешше адам пайдаланғанда, стерилленбеген (стомотолог, гинеколог, татуировка ислесе) қураллар қолланылғанда, қурамында вирусы бар қан қуйылғанда, органлар көширилгенде (тексерилмеген жағдайда) жуғыўы мүмкин.

Вируслы гепатитте аўқатланыў режимине айрықша итибар қаратылыўы тийис. Мәселен, белок ҳәм витаминлерге бай өнимлерди ( мәйек, сүт, лобия, балық, таўық гөши) қуўырмай, тек қайнатылған ҳалда пайдаланыў керек. Мийўе ҳәм овощ өнимлеринен көбирек пайдаланыў мақсетке муўапық болады. Спиртли ишимликке улыўма рухсат берилмейди.

А.ҚУТЛЫМУРАТОВА,

Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы поликлиниканыӊ жоқары категориялы терапевт шыпакери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги