Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Түркий тиллер факультетиниң Қарақалпақ әдебияты кафедрасы тәрепинен қарақалпақ халқының уллы классик шайыры, ХIХ әсирдеги қарақалпақ әдебиятының жарқын жулдызы Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы – Әжинияз күнлерине арналған «Бүлбилзибан уллы шайыр» атамасында илимий-әмелий конференция өткерилди.

Коференцияға тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң, илимий-изертлеў институтлары ҳәм жоқары оқыў орынларының илимпазлары, профессор-оқытыўшылар, шайырлар ҳәм жазыўшылар, студент-жаслар қатнасты.

Конференция қатнасыўшылары дәслеп Әжинияз шығармалары, оның дөретпелери тийкарында баспадан шыққан илимий-изертлеў жумысларының көргизбесин, сондай-ақ Әжинияздың өмири ҳәм дөретиўшилигине байланыслы «Зийўар» қысқа метражлы ҳүжжетли фильмди тамашалап, өз-ара пикир алысты.

Конференцияны Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшысы Қ.Қодиров кирис сөз бенен ашып, басқарып барды.


Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Т.Атамуратов, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими гуманитар пәнлер илимий-изертлеў институтының директоры А.Альниязов, филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Оразымбетов, Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп,  Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилигине тоқтап өтип, шайырдың туўылғанына 200   жыл   толыўына   байланыслы    исленетуғын илажлар ҳаққында пикир-усыныслар билдирилди.



Атап өтилгениндей, Әжинияз Қосыбай улы ХIХ әсирдеги  қарақалпақ халқының уллы данышпан шайыры, қарақалпақ әдебиятының ири тулғасы.

Шайырдың исми ҳәм оның көркем дөретпелери дүнья халықлары  арасында кеңнен белгили. Ол шығыс халықларының руўхый ғәзийнеси, мақтанышы болған Наўайы, Физулий, Низамий, Рудакий, Фердаўсий, Мақтымқулы, Абай ҳәм басқа да көркем сөз шеберлери сыяқлы миллий мәдениятымыздың жарқын жулдызы болып есапланады.

Әжинияз 1824-жылы Арал теңизиниң қубла жағасында жайласқан Қамыс бөгет деген аўылда туўылған. Ол  ХIХ әсирдеги  қарақалпақ жазба әдебиятының раўажланыўына өзиниң «Дәўран болмады», «Еллерим барды», «Бардур», «Елди көрер күн бармекен», «Көринди», «Көриң», «Билмедим», «Барды», «Шықты жан», «Гөззаллар», «Бозатаўлы нәзәлим», «Айрылса», «Бери кел», «Бозатаў», «Әжинияздың қыз Меңеш пенен айтысы» ҳәм басқа да шығармалары менен салмақлы үлес қосты.

Шайыр қарақалпақ әдебиятында лирика, эпикалық поэзияны раўажландырыў менен бирге, айтыс жанрының да шебер дөретиўшиси болып табылады. Әжинияз шайырдың  «Қыз Меңеш пенен айтысы» шайырлар айтысының ең жақсы үлгиси.

Әжинияздың дөретиўшилиги халық арасынан ХХ әсирдиң 30-жылларынан баслап жыйнала баслады. Дәслепки шығармалары 1949-жылы баспадан шықты. Кейинги дәўирлерде 1960, 1961, 1965, 1975, 1988, 1994, 2014-жыллары Әжинияздың таңлаўлы шығармалар жыйнағы баспадан шықты. Әжинияздың өмири ҳәм дөретиўшилигин илимий тийкарда  изертлеген илимпазлар Н.Дәўқараев, Қ.Айымбетов, Ә.Пирназаров, Б.Қәлимбетов, А.Муртазаев, К.Мәмбетов, Ә.Пахратдинов, К.Алламбергенов, академиклер М.Нурмухамедов, Ж.Базарбаев, Х.Хамидов ҳәм т.б.

Ҳәзирги дәўирде де Әжинияз шайырдың әдебий мийрасы, оның ўатансүйиўшилик, гуманистлик, гөззаллық, пәклик, садықлық көзқараслары келешек әўладлар ушын өшпес, мәдений ҳәм руўхый азық болып келмекте.

Быйыл шайырдың 200 жыллығы халықаралық көлемде, кеңнен белгилениўи режелестирилмекте. Сонлықтан да, шайырдың қәбири жайласқан орынды абаданластырыў, музей шөлкемлестириў, шайыр тәрепинен айтылған ҳикметли сөзлерден баннерлер таярлаў, илимий-әмелий конференциялар шөлкемлестириў, илимий-изертлеў жумысларын алып барып, ол ҳаққындағы мағлыўматларды еле де байытыў ҳәм халыққа жеткериў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар илимий-изертлеў институтларының, жоқары оқыў орынларының илимпазлары, профессор оқытыўшылары, соның менен бирге, студент-жаслардың алдында турған әҳмийетли мәселелер болып табылады.

Конференцияда Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығын халықаралық дәрежеде кеңнен белгилеўде алда турған усындай ўазыйпаларды әмелге асырыўдағы шөлкемлестириў жумыслары бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийкарғы ўазыйпалар келисип алынды.

Илаж Әжинияз шығармалары тийкарында институттың студент-жаслары тәрепинен таярланған көркем әдебий бөлим менен даўам етти.



Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги