Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси трепинен тастыйықланған белгиленген кесте тийкарында Қараөзек районында  «Мәҳәлле жетилиги» ушын оқыў-семинары болып өтти.

Оған район ҳәкими У. Утамбетов, Өзбекстан мәҳәллелери ассосациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Турманов, сондай-ақ, райондағы бир қатар мәкеме-шөлкемлердиӊ ўәкиллери қатнасты.

Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жылдыӊ 21-декабрьдеги Өзбекстан Республикасы Президентиниң  «Мәҳәлле институтыныӊ жәмийеттеги ролин түп-тийкарынан арттырыў ҳәм халықтыӊ машқалаларын шешиўде биринши буўын сыпатында ислеўин тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм  «Өзбекстан мәҳәллери ассосациясы  жумысын жолға қойыў ҳәм мәҳәллелелерде басқарыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының әҳмийети кеңнен түсиндирилди.

-Бул семинарды өткериўден тийкарғы мақсет – «жетилик системасы» ның  зәрүрли әҳмийети, бул жумысларды шөлкемлестириў механизмлери, жаңа система нәтийжесинде халық ушын жаратылатуғын имканиятлар бойынша билим ҳәм көнликпелер бериў, ҳәр бир жуўапкердиң мәҳәлледеги орны, тийкарғы ўазыйпалары ҳәм миннетлемелерин түсиндириў, соның менен бирге, «Мәҳәлле жетилиги»  ислерин нәтийжели шөлкемлестириў, алдағы ўақытларда әмелге асырылатуғын илажлар ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўматлар бериўден ибарат,-дейди Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалының жуўапкер хызметкери Алишер Дәўлетназаров.

Сондай-ақ, семинарда пуқаралар жыйынлары баслықларының жумысы, аймақ кесиминде ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, жаслар ислери, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар, ишки ислер, социаллық қорғаў, салық, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық, әдиллик бағдарларындағы темалар бойынша да кең түсиниклер берилди.






Семинар жуўмағында қатнасыўшылардан тест алынып, олардың тараўлар бойынша өзлестириў дәрежелери анықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы