Мәмлекетимизде соңғы жыллары сиясий, социаллық-экономикалық тараўларда кең көлемли реформалар алып барылмақта. Буған қосымша, жаслар тәлим-тәрбиясында, илимди заман талапларына сай раўажландырыў бағдарында исенимли қәдемлер қойылып, бул бағдардағы жумысларды жетилистириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. М. Мирзиёевтиң басшылығында 2023-жылдың 22-декабрь күни өткерилген Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде, миллий үрп-әдет, салт-дәстүрлеримиз ҳәм қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў, театр көркем өнерин  раўажландырыў, қала ҳәм районлардағы мәденият орайларын, театрлар, музейлердиң жумысларын түп-тийкарынан жақсылаў мәселелерине айрықша итибар қаратқанлығы, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бағдарындағы баслама ҳәм пикир-усыныслары ҳәр биримизге күш-қуўат бағышлаў менен бирге, үлкен жуўапкершилик те жүклейди.

Жаслардың билим ҳәм тәрбиясын системалы, раўажланған шет еллер тәжирийбесине сүйенип реформалаў мақсетинде мектепке шекемги, мектеп ҳәм жоқары билимлендириў системаларын 2030-жылға шекем раўажландырыўдың концепциялары ислеп шығылып, усы тийкарда жумыслар алып барылмақта. Әлбетте, келешекти гөзлеп жақсы нийетлер менен таярланған мақсетлерди әмелге асырыў, өсип киятырған жас әўладтың тәлим тәрбиясынан басланады.

Бүгинги күнде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының материаллық-техникалық базасы беккемленип, студент жаслардың билим алыўына толық имканиятлар жаратылған. Атап айтқанда, болажақ көркем өнер, мәденият тараўы қәнигелерине профессор-оқытыўшылар менен бирге Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артистлери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары көркем өнер ғайраткерлери,  Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артистлер атқарыў шеберликлери, сахна мәденияты бойынша илим-билим сырларын тереңнен үйретип келмекте.

Елимиз ҳәм сырт ел театр сахналарында өзлериниң бийтәкирар талантлары менен танылған әдиўли устазларынан сабақ алыў, студент-жаслардың кеўлинде қуўаныш сезимлерин оятары анық. Әлбетте, қәстерли сахна арқалы халқымыздың мәденияты, көркем өнерин байытыўда салмақлы үлесин қосып киятырған устазлардан сабақ алыўы жас талант ийелериниң өзлеринде бар талантының кырларын ашыўына мүмкиншилик жарататуғынына исенемиз.

Мәжилисте Президентимиз тәрепинен атап өтилген мақам ҳәм бақсышылықты илимий тийкарда изертлеў бойынша, институтымыздың профессор-оқытыўшылары менен кеңесип алдымызға жобалар дүзиўди мақсет етип алдық. Халқымыздың мәденияты, көркем өнериниң ажыралмас бөлеги саналған бақсы ҳәм жыраўшылық мектеби ўәкиллериниң өмир жоллары, дөретиўшилиги бойынша бийбаҳа мағлыўматларды  жәмийетшилик нәзерине усыныўды режелестирип атырмыз.

Бир сөз бенен айтқанда, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық мәселелерине бағышланған мәжилистен жуўмақ шығарып, ҳәзирги күндеги глобалласыў шараятында уллы ата-бабаларымыз әсирлер даўамында әрман еткен мәмлекетимиз ғәрезсизлигин көздиң қарашығындай сақлап ҳәм қорғап, жасларымызды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға пүткил жәмийетимиз бенен биргеликте ҳәрекет етсек, гөзлеген мақсетлерге ерисетуғынымызға исенемиз.

Аманжол АЯПОВ,

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият

 институты Нөкис филиалы директоры.

Қарақалпақстан хабар агентлиги