Соңғы жылларда Президентимиздиң басламасы менен исбилерменлерге кең имканиятлар жаратылып, олардың еркин жумыс алып барыўы ушын түрли илажлар көрилмекте.

Бюрократиялық тәртип-қағыйдаларды қысқартыў, кәрханалар ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасындағы өз-ара бирге ислеў нәтийжелигин арттырыў әне сондай реформалардың даўамы есапланады.

Бәршемизге белгили, өткен қысқа ўақыт даўамында исбилерменлер ушын ҳәр түрли бюрократиялық тосықларды жүзеге келтириўши тәртиплер, талаплар қысқартырылды. Соның менен бирге, заман талабынан келип шыққан ҳалда есабат бериў ҳәм статистикалық мағлыўматларды усыныўда электрон есабат системасын енгизиў ҳәм мағлыўмат усыныўдың тәртиплерин стандартластырыў арқалы бизнеске ҳәкимшилик жүкти азайтыў әҳмийетли болып қалмақта. Әне усы мақсетте, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 9-январьдағы “Исбилерменлик субъектлери тәрепинен мәмлекетлик уйымларға есабат ҳәм статистикалық мағлыўматларды усыныў системасын буннан былай да әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.

Қарардан гөзленген мақсет, есабат бериў ўақты ҳәм қәрежетлерин қысқартыў, мағлыўматлардың дурыслығын асырыў ҳәм экономикалық жағдайдың мониторингин тәмийинлеўден ибарат. 2024 –жылдан баслап исбилерменлик субъектлеринен талап етилетуғын, өз-ара бирин-бири тәкирарлаўшы ҳәм мәмлекетлик уйымлардың басқа уйымларынан алыў имканияты болған 34 түрдеги есабат ҳәм статистикалық мағлыўмат бийкар етилмекте. Бул есабатлардың бийкар етилиўи нәтийжесинде ҳәр жылы 21,5 мыңнан аслам исбилерменниң 500 миллион сум муғдарындағы финанс қәрежетли үнемлениўине ерисиледи.

Соның менен бирге, исбилерменлик субъектлери тәрепинен мәмлекетлик уйымларға усынылатуғын есабат ҳәм статистикалық мағлыўматлардың бирден-бир дизими тастыйықланбақта ҳәм оған киргизилмеген есабатларды исбилерменлик субъектлеринен талап етиў қадаған етилмекте. Дизимге 105 түрдеги есабат киргизилип, зәрүрлигине қарай Ҳүкимет тәрепинен өзгертилиўи мүмкин.

Есабатлар автоматластырылған ҳалда тек ғана мәлимлеме ситемалары арқалы усынылады ҳәм оларды қағаз түринде тапсырыў тәртиби бийкар етиледи.

2026-жыл 1-январға шекем санлы технологиялар министрлиги, Әдиллик министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Статистика агентлиги ҳәм Салық комитети тәрепинен исбилерменлик субъектиниң жеке кабинети арқалы есабатларды қәлиплестириў ҳәм мәмлекетлик уйымларға усыныўды нәзерде тутыўшы Бирден-бир есабатлар системасы енгизиледи.

 “Санлы ҳүкимет жойбарларын басқарыў орайы” мәмлекетлик мәкемеси усы системаның операторы етип белгиленди.

Бирден-бир есабатлар системасы 2026-жылдан ықтыярий, 2027-жылдан киши ҳәм орта исбилерменлик субъектлери ушын – мәжбурий ҳәм 2028-жылдан барлық исбилерменлик субъектлери ушын – мәжбүрий тәртипте усынылады.

Бирден-бир есабатлар системасы шеңберинде:

исбилерменлик субъектлери нызамшылық ҳүжжетлеринде есапқа алыныўы белгиленген мағлыўматларды усы системаға киргизип барады;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системаларын интеграциялаў арқалы есабатларды қәлиплестириў ушын зәрүр мағлыўматлар Бирден-бир есабатлар системасына киргизиледи;

есабатлар системада автоматикалық түрде қәлиплеседи ҳәм олардағы мағлыўматлардың дурыслығын исбилерменлик субъекти тастыйықлайды;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелер өзлерине зәрүр болған есабатларды нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген талаплар шеңберинде усы системасы арқалы алады;

мағлыўматлардың конфиденциальлығы нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте сақланады;

бухгалтерия бағдарламалары системасынан пайдаланған ҳалда есабатлар тапсырып атырған исбилерменлик субъектлерине олардың мағлыўматлар базаларын Бирден-бир есабатлар системасына интеграциялаў имканияты жаратылады.


Б.ЖА
ҚCИМОВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппаратыныӊ Қарақалпақстан Республикасындағы секторының жетекши инспекторы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги