20-январь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ тоғызыншы жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.

Сенаттың қырқ тоғызыншы жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Бизге белгили, кейинги жылларда мәмлекетимизде қоршаған тәбийғый орталықты қорғаў, экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм санитариялық ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери ушын шараятлар жаратыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.

Бирақ қурылыс, өндирис ҳәм урбанизация көлемлериниң кеңейиўи қоршаған тәбийғый орталыққа патасланыўшы элементлер шығарылыўының артыўына себеп болмақта.

Айрықша жағдайлар, эпидемиялар ҳәм пуқаралардың турмысы ҳәм денсаўлығына басқа реал қәўип жүзеге келиўиниң алдын алыў ушын нызамларда қоршаған тәбийғый орталыққа зыянлы тәсир көрсетиўши объектлердиң жумысын арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың қарарына бола шеклеў ямаса тоқтатып турыў мүмкин екени нәзерде тутылған.

Соның менен бирге нызамшылықта исбилерменлик субъектлериниң жумысын шеклеў ямаса тоқтатып турыў ушын тийкар болған анық емес тарифлердиң бар екени мәмлекетлик уйымлардың дискреционлық ўәкилликлериниң кеңлигине байланыслы коррупция жағдайларының пайда болыўына алып келиўи мүмкин.

Бул ҳүжжет пенен «Тәбиятты қорғаў ҳаққында»ғы, «Атмосфера ҳаўасын қорғаў ҳаққында»ғы ҳәм «Экологиялық қадағалаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларына мәмлекетлик уйымлар тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң жумысын шеклеў ямаса тоқтатып турыў ҳаққындағы қарарларды, биринши гезекте, халықтың турмысы ҳәм денсаўлығына қәўип жүзеге келиўиниң алдын алыў зәрүрлигин есапқа алған ҳалда қабыллаў тийкарларын анықластырыўшы өзгерислер киргизилмекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызам экологиялық жағдайды жақсылаўға, халықтың турмысына ҳәм денсаўлығына қәўип алып келиўиниң алдын алыўға, исбилерменлик субъектлерин қорғаўға, сондай-ақ, коррупция факторларын сапластырыўға ҳәм ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар тәрепинен «Өзбекстан Республикасы менен Иран Ислам Республикасы арасында қамақтағыларды тапсырыў ҳаққындағы Шәртнаманы (Тегеран, 2023-жыл 18-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Шәртнаманың ратификацияланыўы жынаятқа қол урыўы нәтийжесинде еркинен айырылған Өзбекстан ҳәм Иран пуқараларына суд тәрепинен тайынланған жазаны өз мәмлекетинде өтеўи ушын ҳуқықый тийкар ҳәм қамақтағыларды тапсырыў тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўди әмелге асырыў имканиятын жаратады.

Шәртнамаға 2023-жыл 18-июнь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Иранға рәсмий сапары даўамында қол қойылғанын атап өтиў керек.

Ҳүжжетке бола, бул Шәртнаманы ратификациялаў арқалы оның күшке кириўи қамақтағыларды тапсырыў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый базаны қәлиплестирип, еки мәмлекетлик ўәкилликли уйымлардың бул тараўдағы өз-ара бирге ислесиў нәтийжелилигин арттырады.

Додалаў ўақтында сенаторлар қамақтағыларға жазаны өз елинде өтеўи оларға жақын туўысқанлары менен турақлы көрисип турыў имканиятын беретуғынын, бул болса өз гезегинде шаңарақлық қатнасықларға унамлы тәсир көрсететуғынын, сондай-ақ, қамақтағылардың социаллық турмысқа бейимлесиўине жәрдем беретуғынын айрықша атап өтти.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасы менен Вьетнам Социалистлик Республикасы арасында жынайый ислер бойынша өз-ара ҳуқықый жәрдем ҳаққындағы Шәртнаманы (Ханой, 2022-жыл 14-ноябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, нызамда жынайый ислер тексерилиўи ҳәм басқа да процессуаллық ҳәрекетлер алып барылыўы мүнәсибети менен юридикалық жәрдем көрсетиўдиң тийкарлары ҳәм шәртлери нәзерде тутылмақта.

Атап айтқанда, сораўлардың түри ҳәм мазмуны, жәрдем көрсетиўден бас тартыў ямаса кешиктириў тийкарлары, сораўларды орынлаў, қорғаў илажлары, қәўипсизлик кепилликлери, сондай-ақ, жынайый қуўдалаўды даўам еттириў ушын өткериў сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша қағыйдалар белгиленбекте.

Сенаторлар жынайый ислер бойынша өз-ара ҳуқықый жәрдем ҳаққындағы Шәртнаманың ратификацияланыўы жынайый ислер бойынша тексериў ҳәм суд додалаўында еки мәмлекет ҳуқық қорғаў уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыўға, сондай-ақ, жынаятқа қол урған шахсларға жуўапкершиликтиң жазасыз қалмаўын тәмийинлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Сондай-ақ, Шәртнама еки мәмлекет ҳуқық қорғаў уйымларының жынаят ислерин тергеў ҳәм судта көриўде нәтийжелиликти арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе болады.

Додалаў жуўмағында сенаторлар тәрепинен нызам мақулланды.

Сенаттың қырқ тоғызыншы жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында гезектеги миллий баянат көрип шығылды.

Бул миллий баянат Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен усынылған екинши баянат есапланады.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң директоры тәрепинен усынылған баянатта мәмлекетте коррупцияға қарсы гүресиў тараўында 2022-жылы әмелге асырылған жумысларға толық тоқтап өтти.

Атап айтқанда, мәмлекетте коррупцияға қарсы гүресиў тараўын жетилистириў, ҳуқықый бослықларды сапластырыў мақсетинде тараўға тийисли 13, сондай-ақ, экономикалық-социаллық тараўлардағы реформаларды әмелге асырыў шеңберинде коррупция факторларын қысқартыўға қаратылған 24 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилген.

Буның нәтийжесинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррупцияға қарсы гүресиў жумысларының нәтийжелилигин рейтинг баҳалаў ҳәм ашық-айдынлық бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин баҳалаўға қаратылған Ашық-айдынлық индекси енгизилген.

Сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррупциялық қәўип-қәтерлердиң алдын алыў бойынша «E-Antikorrupsiya» жойбары иске қосылған.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққындағы нызамшылықты бузғаны ушын жуўапкершилик белгиленген. Бул превентив механизмлер арқалы мәмлекетлик уйымлардың коррупцияға қарсы гүресиўдеги жуўапкершилиги күшейтилип, жәмийет алдындағы есап бериўи арттырылды.

Буннан тысқары, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 2021-2022-жылларға мөлшерленген Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде коррупция жағдайлары ҳаққында хабардар етиў имканиятын беретуғын арнаўлы программаллық тәмийнат, сондай-ақ, «1253» қысқа санлы «Call-орай» жумысы жолға қойылған.

Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң сапасы жақсыланып, коррупцияны пайда етиўи мүмкин болған артықша тәртип-қағыйдалар қысқартылған ҳәм электрон тәризде көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер саны арттырылған.

Атап айтқанда, 73 түрдеги ҳүжжет ҳәм мағлыўматларды халықтан талап етиў бийкарланып, усынылыўы керек болған ҳүжжетлер саны 95 ке шекем (43 процент) қысқартылған ҳәм 6 лицензия ҳәм рухсатнамада белгиленген 17 талап ҳәм шәрт бийкарланған.

Коррупциялық қәўип-қәтерлер жоқары болған капитал қурылыс, жоқары билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында «Коррупциясыз тараў» жойбарын әмелге асырыў бойынша «Жол карта»лары тастыйықланып, орынланыўы тәмийинленген.

Соның менен бирге, сенаторлар тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиў тараўында айырым машқалалар сақланып қалып атырғаны атап өтилди.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде кең көлемли превентив илажлардың өткерилиўине қарамастан коррупция жағдайлары елеге шекем ушыраспақта.

Атап айтқанда, мәмлекетлик сатып алыўларға байланыслы бюджет қаржыларының талан-тараж етилиўи, субсидиялар ажыратыў процесслериндеги нызамсыз ҳәрекетлер, қадағалаў уйымлары тәрепинен исбилерменлик субъектлери жумысының нызамсыз тексериўи сыяқлы жағдайларды атап өтиў мүмкин.

Сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў жумысларының нәтийжелилигин рейтинг баҳалаў нәтийжелерине бола мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларынан 20 сының жумысы «қанаатландырарсыз» баҳаланған болса, Ашық-айдынлық индекси бойынша 27 мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў жумысы төмен нәтийжелеликти көрсеткен.

Миллий баянатты тыңлаў даўамында сенаторлар коррупцияға қарсы гүресиў тараўына байланыслы нызамшылықты буннан былай да жетилистириўге байланыслы усынысларды да додалады.

Сораў-жуўап ҳәм додалаўлардан кейин Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан тысқары, Сенаттың бул жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы суў хожалығы министриниң ирригация ҳәм мелиорация объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мәлимлемеси тыңланды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасында суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация секторын раўажландырыўдың 2021-2023-жылларға мөлшерленген стратегиясының орынланыўы шеңберинде бир қатар нәтийжелерге ерисилген.

Атап айтқанда, өткен үш жыл даўамында суў хожалығы объектлеринде 9 мыңға шамалас «Ақыллы суў», 6 мыңнан аслам «Дайвер» қурылмалары орнатылып, 58 ири суў хожалығы объектиниң басқарыў процесслери толық автоматластырылған ҳәм 1,5 мың насос станциясында суў муғдарын онлайн мониторинг етиўши қурылма орнатылған.

2023-жылы 297 км канал, 41 км лоток, 11 гидротехника қурылмасы, 2 көпир, 56 суўғарыў қудығы реконструкцияланып, жағалықларды қорғаў жумыслары орынланған. Мелиорация объектлерин системалы оңлаў ҳәм тиклеў жумыслары бойынша 316 миллиард сум өзлестирилип (лимитке салыстырғанда 94 процент), 11 мың км коллектор-дренаж тармақлары оңланған.

Соның менен бирге, додалаў процесинде сенаторлар тәрепинен тараўда айырым кемшиликлер ҳәм машқалалар бар екени атап өтилди.

Соның ишинде, Суў хожалығы министрлигиниң балансындағы суў хожалығы объектлерин мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында жеке меншик секторға бериў жумыслары жетерли дәрежеде әмелге асырылмаған.

Стратегия шеңберинде Сырдәрья ўәлаятында 3, Ташкент ўәлаятында 2, Жиззақ ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында биреўден ири гидроузел ҳәм ирригация системасын санлы технологиялар тийкарында автоматластырыў жумыслары орынланбаған.

Министрлик системадағы мелиоративлик экспедициялар суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын экспресс баҳалаў имканиятын беретуғын заманагөй техникалар, оператив көшпели мобиль лаборатория ҳәм өлшеў қураллары менен жетерли дәрежеде тәмийинленбеген.

Суўғарыў объектлерине қурылмаларды сапасыз орнатыў ҳәм олардан дурыс пайдаланбаў ақыбетинде тек ғана Сурхандәрья ўәлаятында орайлық базаға интеграцияланған 56 қурылма насаз жағдайға келип қалған ҳәм 2021-жыл сентябрьден берли орайлық базаға мағлыўмат бермеген.

Додалаўлар процесинде сенаторлар тәрепинен тараўдағы кемшиликлер ҳәм машқалаларды сапластырыўға қаратылған бир қатар усыныслар билдирилди.

Мелиоративлик экспедициялардың материаллық-техникалық базасын заманагөй техникалар, оператив көшпели мобиль лаборатория ҳәм өлшем қураллары менен толық тәмийинлеў, суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, суўдан пайдаланыў мәдениятын арттырыў, суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын кеңейтилген тәртипте енгизиўди даўам еттириў мақсетинде орынлардағы басшы ҳәм хызметкерлердиң жеке жуўапкершилигин күшейтиў усылардың қатарына киреди.

Сондай-ақ, сенаторлар суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм ҳәр бир аймақта олардан дурыс пайдаланыў бойынша жетик қәнигелерди тартқан ҳалда көргизбели семинарлар өткериў ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўдиң мәнзилли дизимин қәлиплестириў, оларды дурыс енгизиў ҳәм нәтийжели жумсаў, қаржыларды мақсетли өзлестириў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў зәрүр екенине айрықша итибар қаратты.

Додалаў жуўмағында Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин жалпы мәжилисте жайлаўлар деградациясының азық-аўқат қәўипсизлигине, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўға ҳәм қоршаған орталыққа унамсыз тәсири бойынша Ҳүкиметке парламентлик сораўды жибериў мәселеси көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, жайлаўлар социаллық-экономикалық жақтан айрықша әҳмийетке ийе болып, регионымызда экологиялық теңсалмақлылықты сақлаў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, шарўашылықты раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўда тийкарғы тәбийғый дәреклерден бири есапланады.

Сол себепли жайлаўлардың тәбийғый шараяты, контурлары, топырағы, олардағы өсимликлердиң көптүрлилиги, муғдары ҳәм суў менен тәмийинлениў дәрежесин жақсылаў талап етилмекте.

Бүгинги күнде 4,2 миллион гектар жайлаўда геоботаникалық изертлеўлер өткерилип, деградацияға ушыраған майданлардың карталары таярланған ҳәм 420 мың гектар деградацияға ушыраған жайлаўларды қайта тиклеў ҳәм жақсылаў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.

Суў менен тәмийинленбеген 144 мың гектар жайлаўда шарўа малларын бағыў имканияты жаратылған. 2022-2023-жылларда шахталы ҳәм тик қудықлар қазыў, насос станцияларын жаңадан қурыў ҳәм реконструкциялаўға 40 миллиард сум муғдарында субсидия қаржылары ажыратылған.

Сенаторлар алып барылып атырған жумыслар менен бир қатарда жайлаў жерлеринен нәтийжели пайдаланыў, оларды қадағалаў ҳәм деградацияға қарсы гүресиў бойынша айырым шешилиўи керек болған мәселелер әҳмийетлилигинше қалып атырғанын атап өтти.

Соның ишинде, республиканың 21 миллион гектар майданын (улыўма жер майданының 47 процентин) ийелеген жайлаўлардың 50 процентинен асламы түрли дәрежеде кризиске ушырағаны, 11 миллион гектар жайлаўдың тәбийғый түрде от-жем пайда етиў потенциалы төменлеп, жарамсыз жағдайға келип қалғаны атап өтилди.

Жайлаўларда шарўа малларын бағыў системасы жетерли дәрежеде енгизилмегени ҳәм шарўа маллары санының кескин артқаны себепли жайлаў жерлери үлкен басым астында қалған. Буның ақыбетинде от-жем өсимлик түрлери сийреклесип, жоқ болып кетиў дәрежесине жеткени атап өтилди.

Атап өтилгениндей, жайлаўлардағы өсимликлер қапламының ҳәзирги жағдайы ҳәм деградация процесслерин, жайлаўлардың хожалық имканиятларын үйрениў ҳәм усы тийкарда жайлаўлардан ақылға уғрас пайдаланыў системасын ислеп шығыў бойынша илимий изертлеўлер алып барылмай атыр.

Тараўда қәнигелер таярлаў системасы жолға қойылмағаны себепли кадрлар жетиспеўшилиги жүзеге келген.

Шөл ҳәм ярым шөл аймақларында тоғай тереклерин егиў, кризиске ушыраған жайлаў майданларын қайта тиклеў жумыслары әмелге асырылмағаны себепли самал тәсиринде топырақ эрозиясы күшейип, шаң-боранлардың пайда болыў жеделлиги артып бармақта.

Додалаў жуўмағында бул мәселелерге ашық-айдынлық киргизиў мақсетинде Ҳүкиметке парламентлик сораўды жибериў ҳаққында Сенаттың қарары қабыл етилди.

Жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 15 мәселе, соның ишинде, 10 нызам додаланды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ тоғызыншы жалпы мәжилиси жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети