Нызамға бола, электрде ислейтуғын транспортлар ушын өз алдына орынлар ажыратылады. Бундай орынларда электр қуўаты дәреклерине жалғаныў имканияты жаратылыўы мүмкин.

Тоқтап турыў орынларынан пайдаланыўға тосқынлық ететуғын тосықларды ҳәм басқа конструкцияларды орнатыў қадаған етиледи.

Тоқтап турыў орынларына транспортлардыӊ кириўин, олардан шығыўды ҳәм бул орынларда ҳәрекетлениўди шөлкемлестириў арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар менен келисилген жойбарға муўапық әмелге асырылады.

Улыўмалық пайдаланыўдағы тоқтап турыў орынларыныӊ ийелери тоқтап турыў орынларынан пайдаланыў қағыйдаларын бәрше ушын қолайлы болған орынларға танысып шығыў ушын жайластырыўы шәрт.

Қарақалпақстан хабар агентлиги