“Материаллық емес мәдений мийрасты қорғаў, илимий үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўды раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ-405-сан, 25.12.2023 ж.) қабыл етилди.

Қарарға бола, 2024-жыл 1-апрельден:

— бийбаҳа ҳәм (яки) жоқ болып кетиў қәўипи астында болған материаллық емес мәдений мийрас үлгилерин сақлаўшы 20 шахс анықланып, оларға жәрдем бериледи ҳәм жумысын баҳалаў көрсеткишлери белгилеп бериледи.

Усы көрсеткишлерди орынлаған материаллық емес мәдений мийрас үлгилерин сақлаўшы шахслар ҳәр айда 5 млн сум муғдарында хошаметленип барылады.

— айрықша әҳмийетке ийе материаллық емес мәдений мийрас үлгилерин жазып алыў ҳәм кеӊнен тарқатыў ушын ҳәр жылы 50 аудиовизуал дөретпе жаратыўға мәмлекетлик буйыртпа бериледи.

Қарарға бола, материаллық емес мәдений мийрас үлгилерин “таярлаў – үйрениў – тиклеў – ғалаба ен жайдырыў”  бир пүтин үзликсиз система тийкарында раўажландырылады.

Материаллық емес мәдений мийрас үлгилерин комплексли раўажландырыў бойынша илимий-әмелий ҳәм дөретиўшилик мектеплердиӊ жумысы жолға қойылады. Мәденияттаныў ҳәм материаллық мәдений мийрас илимий-изертлеў институтында этнофольклор лабораториясы шөлкемлестириледи.

Институтқа 2024-жылдан баслап ҳәр жылы төлемли-контракт шәртнамасы тийкарында таяныш докторантура ушын кеминде 3тен, стажёр-изертлеўшилик ушын кеминде 2 ден квота ажыратылады.

Сондай-ақ, 2024-жылдан ҳәр жылы:

— мәденияттаныў, материаллық емес мәдений мийрас тараўлары, атап айтқанда, мақам ҳәм бақсышылық көркем өнери бойынша илимий-изертлеў жумысларын алып барып атырған хызметкерлер сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий шөлкемлерине философия докторы (PhD) илимий дәрежесин қорғаў ушын жибериледи;

— март айында “Миллий қәдириятлар айлығы” илажлары ҳәм халық сейиллери өткерилип барылады.

2024-жыл 1-октябрьге шекем “Қәдирият” электрон платформасы ҳәм оныӊ мобиль қосымшасы жаратылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги