Жаңа жыл байрамы алдынан Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Арқа-батыс әскерий округи сәркардасының орынбасары полковник Д.Илҳамов, Нөкис қаласы ҳәм Төрткүл районы ҳәкимликлери, Қорғаныў ислери басқармасы ҳәм бөлимлери, кең жәмийетшилик ўәкиллери екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген Уллы жеңиске үлес қосқан  Нөкис қаласында жасаўшы Қадирбай Нарманов ва Мария Карнишина, төрткүлли 99 жастағы Иван Галенколардың жағдайынан хабар алды.

Илажларда Президентимиздиң Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына жоллаған байрам қутлықлаўы оқып еситтирилди. Ветеранларға байрам саўғалары ҳәм азық-аўқат өнимлери тапсырылды.


Атап өтилгениндей, Екинши жер жүзилик урыс миллионлаған инсанлардың өлимине, үлкен жоғалтыўларға себепши болған тарийхтағы ең қанлы қырғынлардың бири сыпатында мөрленип қалды. Урыста 66 мыңнан аслам қарақалпақстанлылар қатнасып, соннан 34 мыңы саўашларда қаза болды. Фронтқа жиберилген 14 мыңнан аслам жерлесимиз көрсеткен ерлиги ушын орден ҳәм медальлар менен хошаметленди. Бүгинги тыныш-татыў күнде 3 урыс қатнасыўшысы бизиң арамызда жасап атыр.

Кексейип қалған қаҳарманларға бүгинги тынышлық ушын миннетдаршылық билдирилди. Олардың урыста көрсеткен ерликлери улығланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги