Мүнәсибет

«Саз бенен сәўбетти ялған демеңлер, Адам-ата бинят болғанда барды», деп айтылғанындай, мәнаўият, ағартыўшылық, мәденият, көркем өнер – бул халық турмысының ажыралмас бөлеги есапланады.

Усы жыл 22-декабрь күни Руўхыйлық, ағартыўшылық, мәденият, көркем өнер ҳәм дөретиўшилик тараўларында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилиги ҳәм алдағы баслы ўазыйпаларды додалаў мақсетинде Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Республикалық Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң кеңейтилген мәжилиси ҳәм мәденият ҳәм көркем өнер тараўы ўәкиллери менен ушырасыўы өткерилди.

Елбасшымыз өз сөзинде мәнаўият ҳәм ағартыўшылық, көркем өнер ҳәм мәденият, дөретиўшилик, сондай-ақ, театр, музыка ҳәм аяқ ойын көркем өнери тараўларын раўажландырыўға қаратылған илажларға айрықша тоқтап өтти. Әлбетте, Жаңа Өзбекстанды, үшинши Ренессанс тийкарын қурыў ушын, ең алды менен, оның беккем экономикалық, материаллық-техникалық тийкарларын жаратыў керек,-деди Президентимиз.

Мәжилисте алға қойылған 9 бағдардағы әҳмийетли басламалардың үшинши бағдарында жасларымызды миллий ҳәм улыўма дүньялық идеялар тийкарында тәрбиялаўда мәденият тараўы, атап айтқанда, театр көркем өнериниң үлкен орны бар екенлигине айрықша тоқтап, ҳәзирги күнде мәмлекетимизде 40 театр жумыс ислеп, ҳәр жылы 40 жаңа спектакльге мәмлекетлик буйыртпа берилип, бул ушын усы жылдың өзинде 15 миллиард сум қаржы ажыратылғанлығы бойынша мағлыўмат берилди.

Дүнья театр көркем өнериниң раўажланыўына ҳәзирги глобалласыў дәўиринде социаллық, сиясий, мәдений-ағартыўшылық өзгерислердиң, информациялық ҳәм трансформациялық процесслердиң тәсири күшейип бармақта. Бул өзгешелик халықаралық майданда шөлкемлестирилип атырған таңлаў ҳәм фестивальларда, ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң театр жәмәәтлери тәрепинен көрсетилип атырған спектакльлердиң мазмун-мәниси, жанры, формаларында айқын көзге тасланады. Айрым спектакльлерде әсиримиздиң ең әҳмийетли мәселелеринен болған экологиялық апатшылық, терроризм ҳәм басқа қәўетерли жағдайларға қарсы гүрес темалары жетекши орынға шықты. Режиссура ҳәм сценографияда техникалық үскенелерден пайдаланыў, драматургиялық дәреклерде сөз орнында көбирек хореографиялық ҳәм  пантомимикалық аңлатпа қуралларынан пайдаланыўға умтылыў ҳәрекетлери күшейип атыр.

Жаңаланып атырған Өзбекстанда музыка, театр көркем өнериниң қәлиплесиў ҳәм тарийхый раўажланыў басқышларын бүгинги күн көзқарасынан бир пүтин системалы изертлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул процесс республикамызда әмелдеги театрлардың тарийхы, бүгинги жағдайы ҳәм келешектеги перспективасы бойынша илимий жуўмақлар ислеп шығыў ҳәм жаңа дәўирде жүзеге келген дөретиўшилик тенденцияларды анықлаў үлкен әҳмийетке ийе. Жергиликли драматурглер жаңа шығармалар жаратыў, жәмәәтке жас дөретиўшилерди тартыў, республикалық ҳәм халықаралық фестивальларда қатнасыў, гастроль системасын қәлиплестириў тәжирийбесин мәмлекетимиз театр көркем өнеринде күшейип атырған процесслер кесиминде пүтин ҳалда илимий үйрениў әҳмийетли мәселелерден есапланады. Мине, усы қатардағы барлық мәселелер мәмлекетимиз басшысының басшылығында өткерилген Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң мәжилисинде өз шешимин таўып, анық ўазыйпалар ҳәм режелер белгилеп берилди.

Бул ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде, әлбетте, бир қатар сораўларға жуўап излеў зәрүрлиги келип шығады. Буннан мақсет – ҳәр бир нәрсе талапқа қарап қәлиплеседи, ҳәр бир шаңараққа музыка, көркем өнер, мәденият түсиниклерин ҳәм оның машақатларын жеткериў, ҳәр бир адам қолына саз алып, оған аз болса да меҳир қойса, бир нама атқарса, оның музыкалық саўатлылығы артады ҳәм бул арқалы ой өриси кеңейеди. Музыка адамға әлбетте гөззалық, ҳүрмет етиў, тараўды түсиниў, музыкалық саўатын, миллийликке болған ҳүрмет сезимин арттырады, еситиў, еслеп қалыў, қабыл етиў қәбилетлери артады..ҳ.т.б. Биринши ренессанстың белгили ўәкили Әбиў Али Ибн-Сино айтқанындай, «Көркем өнер – әжайып дүнья. Жүрек ҳәм мийдиң сондай жасырын жерлери бар, оған тек көркем өнер жәрдеминде кириў мүмкин». Әбиў Наср Ал-Фарабий менен бирге музыка әсбаплары пәнине тийкар салып, белгили гиржек саз әсбабын жаратқан деседи.

Кейинги жылларда көркем өнер ҳәм мәденият тараўында ояныў дәўири басланды, мәдений байланыслар кеңейди, руўхый-ағартыўшылық мәкемелериниң жумыслары раўажланды, музейлердиң социаллық билимлендириў бойынша әҳмийети артты, миллий әдебиятымыз және де гүллене баслады. Бул процесслерде, әсиресе, көркем өнер тараўына итибар күшейди. Себеби, көркем өнер инсанлардың руўхый дүньясын байытыў, қәлбине тиккелей тәсир көрсетиўи менен басқа тараўларға қарағанда үстинликке ийе.

Ҳүрметли Президентимиз мәжилис даўамында бай мәдений мийрасларымызды халқымызға ҳәм шет елден келип атырған саяхатшыларға кеңнен таныстырыў жумысларын жаңа басқышқа көтериў бағдарында 2024-жылы «Арал мәденияты» халықаралық илимий конфренциясының Нөкис қаласында өткерилетуғынын атап өтиўи, Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибарының нәтийжеси. Буны соңғы жыллары Қарақалпақстанда мәденият ҳәм көркем өнер саласын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар мысалында да айқын көриўимиз мүмкин. 2021-жылы Қарақалпақстан Республикасында Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының ашылыўы қарақалпақстанлы жасларға болған айрықша итибар ҳәм ғамқорлықтың белгиси болыўы менен бир қатарда, көркем өнерге қызығыўшы жасларымыз ушын үлкен мүмкиншиликлер есигин ашты, десек асыра айтқан болмаймыз.

Бүгинги күнде филиалда профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслардың илимий-дөретиўшилик жумыслар менен шуғылланыўын нәтийжели шөлкемлестириў, биргеликтеги концерт бағдарламаларын үзликсиз тийкарда жолға қойыў мақсетинде 2021-жылдың өзинде «Халық сазлары» оркестри, «Халық сазлары» ансамбли, «Симфониялық» ҳәм «Камер» оркестрлери шөлкемлестирилип, оркестрдиң Қарақалпақстан телеканалында тиккелей эфир арқалы жанлы ҳаўазда республикамызға белгили көркем өнер шеберлериниң қатнасыўында концерт бағдарламалары телетамашагөйлер нәзерине усынылып келинбекте.

Жас талант ийелерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, өсип киятырған жас әўладты кәмил инсан етип тәрбиялаў ҳәм оларға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде студент-жасларымыз мәмлекетлик ҳәм халықаралық таңлаўларда жеңислерге ерисип, үш студентимиз Ислам Каримов, Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергенов атындағы мәмлекетлик стипендиялардың ийесине айланды.

Көркем өнердиң инсан кеўилин пәклеўши өзгешелиги де бар. Екинши жағынан, егер инсан көркем өнер шығармасын түсиниўди қәлесе, ең алды менен, өз талғамын, соң ойда сәўлелендириў ҳәм ақылын тәрбиялаўы талап етиледи. Инсан тек денесин ойлаў менен шекленбеўи, ал руўхый ишки дүньясын да турақлы түрде азықландырып барыўы керек. Тарийхымызда из қалдырған барлық тарийхый шахслар, психологиялық-руўхый жақтан қүдиретли болыўы арқалы басқалардан ажыралып турған. Егер инсанның руўхый жақтан жетилисиўин қурылыўы керек болған имаратқа салыстырсақ, ҳәр күни оған кеминде бир – гербиш қойыў талап етиледи. Ол, әлбетте, түрли сыртқы көринислерде-оқыў ушын усыныс етилген қызықлы китап, тамаша етилген спектакль ямаса фильм, жақсы көрип еситилген миллий музыка, музей яки дөретиўшилик көргизбелерден алынған тәсирлер формасында болыўы мүмкин.

Президентимиздиң айтқанындай, усы жерде барлық хызметкерлердиң театрларға барыўын жолға қойыўдың мақсетке муўапықлығы үлкен әҳмийетке ийе, деп есаплаймыз.

 

Парахат Мамутов,

Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалы

директорының жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық

ислери бойынша биринши орынбасары.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги