Өзбекстан Республикасының «Ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суўларды шығарып таслаў ҳаққында»ғы Нызамының 45-статьясына тийкарланып, ишимлик суў ҳәм ақаба суў хызметлериниң тарифлери дәрежесине кескин тәсир ететуғын факторлар анықланған жағдайда оларды кайта көрип шығыў белгиленген.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қырқ жетинши сессиясында депутатлар тәрепинен республикамызда ишимлик суўы ҳәм ақаба суў хызметлерин жақсылаўға қаратылған қосымша илажлар туўралы мәселе көрип шығылып, ишимлик суў тәмийнаты ҳәм канализация хызметлери тарифлерине бир қатар өзгерислер киргизилген еди.

Атап айтқанда, ендигиден былай республикамызда 1 метр куб ишимлик суўдың баҳасы жеке хожалықларға 2900, юридикалық кәрханаларға 5700 сум, 1 метр куб ақаба суўдың баҳасы жеке хожалықларға 1400 сум, юридикалық кәрханаларға 2800 сум муғдарында белгиленди.

Суў баҳасына киргизилген өзгерислерди халыққа жеткериў ҳәм кең жәмийетшиликке түсиндириў мақсетинде, «Қарақалпақ суў тәмийнат» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ҳәм блогерлер қатнасыўында баспасөз брифинги өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары Ш. Даўлетияров,  «Қарақалпақ суў тәмийнат» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Қ.Халмуратов,  Аймақлық электр тармақлары акционерлик жәмийети Қарақалпақстан аймақлық басқармасының жуўапкер хызметкерлери шығып сөйлеп, соңғы үш жыл даўамында өндирислик мүтәжликлер ушын зәрүр болған жанылғы-майлаў материаллары – 2,1 есеге, зыянсызландырыўшы реагент материаллары – 1,5 есеге, объектлерди қорғаў хызмети – 1,7 есеге, авария хызметлерин сапластырыў ушын жумсалатуғын материаллар – 1,5 есеге ҳәм мийнет ҳақылары 1,2 есеге өсиўи, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 15-сентябрьдеги «Жанылғы-энергетика тараўында базар механизмлерин енгизиўдиӊ қосымша илажлары ҳаққында»ғы  қарары тийкарында усы жылдың 1-октябрь сәнесинен электр-энергия тарифлери 2 есеге, тәбийғый газ тарифлери 2,3 есеге көбейиўи ишимлик суўының өзине түсер баҳасының және де көтерилиўине алып келгенлигин атап өтти.

Соның менен бирге, республикамыздағы бар 7013,1 км ишимлик суў тармақларының 1219 км, 202,3 км ақаба суў тармақларының 107 км аралықтағы қубырларының, 277 суў обьектлериниң 82си, 66 ақаба суў обьектиниң 21иниң ескирип тозғанлығы ҳәм олар реконструкция жумысларына мүтәж екенлиги мәлим етилди.

Усылар менен бир қатарда жәмийет қарамағында болған автотранспорт ҳәм механизмлердиң де бүгинги аўыр жағдайы атап өтилди.

Буның нәтийжесинде жәмийет усы жылдың өткен тоғыз айын 20 млрд 127 млн сум зыян менен жуўмақлаған ҳәм банкрот ҳалатына келип қалған.

Усындай аўыр жағдайларға қарамастан жәмийет ағзалары тәрепинен республикамыз аймақларын ишимлик суў менен тәмийинлеў бойынша көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта.







Брифинг даўамында, журналист ҳәм блогерлер тәрепинен жуўапкер басшыларға бүгинги күни кең жәмийетшиликти қызықтырып жүрген мәселелер бойынша сораўлар берилип, оларға жуўап алды.

-Бизиң орайлық лабароториямызда улыўма физика-химиялық анализ, қысқаша химиялық анализ, бактерологиялық, еритпе таярлаў, ыдысларды жуўыў бөлимлери ислеп тур,-дейди бизге усы лаборатория меңгериўшиси Гүлсара Ерниязова.-Бул бөлимлерде үлкен ис-тәжирийбеге ийе лаборантлар ўақыт пенен санаспастан бийминнет хызмет ислемекте. Олардың усындай хызметлериниң нәтийжесинде, халқымыздың денсаўлығы ушын зыянсыз, сапалы суў жеткерип берилмекте.

Брифинг соңында илаж қатнасыўшылары «Қарақалпақ суў тәмийнат» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң орайлық лабораториясы ҳәм суў бөлистириў станциясы жумыслары менен жақыннан танысып, ишимлик суўдың халыққа таза ҳәм зыянсыз жағдайда жеткерилиўи  бойынша кең түсиниклерге ийе болды.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы