Мүнәсибет

Келешекте жоқары шыӊларды гөзлеген Жаӊа Өзбекстан  халқыныӊ, әсиресе, ертеӊги келешегимиз болған жасларымыздыӊ мәнәўиятын, ой-өрисин кеӊейтиў, мәдениятын жоқарылатыў бүгинги күнниӊ әҳмийетли мәселелерден бири саналады. Өсип киятырған жас әўладтыӊ тәлим-тәрбиясы, ертеӊги тәғдири, келешеги мудамы дыққат-итибарымызда. Мәмлекетимизде барлық тараўларда үлкен реформалар, мисли көрилмеген жаӊаланыўлар әмелге асырылып, бул өзгерислер еӊ дәслеп билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер, руўхый-ағартыўшылық ҳәм социаллық тараўларда  айрықша көзге тасланбақта.

Усы жылдыӊ 22-декабрь күни   Президентимиз басшылығында  болып өткен Республика Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық кеӊесиниӊ мәжилисинде де мине усы мәселелерге айрықша итибар қаратылды. Онда Президентимиз  тәрепинен мәнәўият өмиримизде жаӊа күш, жаӊа ҳәрекетке айланыўы зәрүр екенлигин айрықша атап өтип, бул бағдарда алдымызда турған тийкарғы ўазыйпалар додаланып, 9 бағдар бойынша әҳмийетли басламалар алға қойылды.Солар қатары мәденият ҳәм көркем өнер тараўыныӊ алдына да бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берди.

Соӊғы жыллары Президентимиз тәрепинен тараўды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оныӊ ҳуқықый базасын беккемлеў, тараў хызметкерлерине мүнәсип шараят жаратыў,  халыққа мәдений хызмет көрсетиў, жас таланат ийелерин қоллап-қуўатлаў бағдарында нәтийжели жумыслар алып барылды. Әсиресе, “Мәдений жумыс ҳәм мәденият шөлкемлери ҳаққында”ғы нызамныӊ ҳәм жәмийетимизде мәденият хызметкерлериниӊ орнын ҳәм абырайын еле де беккемлеў мақсетинде 15-апрель сәнесин “Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни”  деп белгилениўи, әсиресе, Президентимиздиӊ қоллап-қуўатлаўы менен «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында мәдениятты қоллап-қуўатлаў фонды”ның шөлкемлестирилиўи тараўдыӊ раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе болды.

Бийтәкирар мәдениятымыз бенен көркем өнеримизди раўажландырыў, оны үгит-нәсиятлаў мақсетинде республикамыз бойлап “Қарақалпақ мәденияты күнлери” илажлары жоқары дәрежеде өткерилген болса,  өтип баратырған 2023-жылы  “Айқулаш” Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли Арқа Македония, Түркия ҳәм Әзербайжанда өткерилген халықаралық фестивальларға табыслы қатнасып қайтты. Жас тамашагөйлер театры Қырғыз Республикасына, Қуўыршақ театрымыз Түркия ҳәм Грузия мәмлекетинде өткерилген халықаралық театр фестивальларына мүнәсип қатнасты. Сондай-ақ, миллий өнеримиз болған жыраўшылық пенен қобызды ЮНЕСКОныӊ Инсанияттыӊ материаллық емес мәдений мийрасы дизимине киргизиў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Президентимиз атап өткениндей, жасларымызды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық идеялар тийкарында тәрбиялаўда театр көркем өнериниң орны айрықша.  Бүгинги күни Қарақалпақстанда үш мәмлекетлик театр жумыс алып барып атырған болса, ҳәр жылы бул театрларымызда оннан аслам спектакльлер, миллий ҳәм жәҳән драматургиясыныӊ сайланды үлгилери сахналастырылмақта. Быйылдыӊ өзинде мәмлекетлик буйыртпа тийкарында театрларымызда 4 спектакль сахналастырылып, буныӊ ушын    бир миллардтан аслам қаржы ажыратылды.

Данышпанларымыздан бири: «Тәрбия—бахыттың безеги, бахытсызлықтан қорғаўшы», — деген еди. Бүгин жасларымыздың ҳәр тәреплеме кәмил инсанлар болып жетилисиўинде театрларымыздың тутқан орны айрықша. Өйткени, театр — мәденият ҳәм мәнаўият ошағы, ибрат мектеби.

22-декбарь күни өткерилген мәжилисте Президентимиз елимиздеги басшы хызметкерлердиң дүнья танымы, мәдений дәрежеси бойынша басқаларға үлги болыўы керек екенлигин айрықша атап өтип, барлық кәрхана ҳәм мәкемелерде айдың бир күни «Театр күни» деп жәриялаў бойынша баслама көтерди.  Бул үлкен жаӊалық, жақсы баслама. Быйылдыӊ өзинде мәмлекетлик театрларымызда “Едиге-Әмир Темур-Тоқтамыс хан” операсы, “Әбиў Райхан Беруний” тарийхый драмасы, “Уллы жипек жолы”, “Қаракөз”, “Сыналған дослық”, “Шаман әпсанасы” спектакльлери сахналастырылды. Жыйналыста  мәмлекетимиз басшысыныӊ усындай шығармаларымыздыӊ қатарын көбейтиў, жаӊа заман драматургиясын раўажландырыў мақсетинде драматурглерге 50 миллион сумнан қәлем ҳақы төлеў системасын енгизиў, дөретиўши ҳәм жәрдемши хызметкерлердиң раўажланған мәмлекетлер театрларында шеберлигин арттырыўды жолға қойыў, жас режиссёрларды қоллап-қуўатлаў ушын Маннон Уйғур атындағы сыйлық шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы барлық дөретиўшилеримизди, соның ишинде драматурглеримизди руўхландырды деп ойлайман. Сондай-ақ, жас драматурглеримизди де жаңа дөретиўшилик ислерге бағдарлады. Режиссёрларымызды еле де излениўге, сапалы ҳәм мазмунлы шығармалар дөретиўге умтылдырса, халқымыздыӊ руўхый жетиклигин беккемлеўге, мәнаўиятыныӊ ҳәм мәдениятыныӊ жоқарылатыўға хызмет етеди.

Бүгинги күни республикамыздың қала ҳәм районларымызда 60 мәденият орайы жумыс алып барып атырған болса, олардыӊ халқымызға мәдений хызмет көрсетиў бағдарындағы жумыслары оғада әҳмийети дыққатқа ылайық. Бул орайларда  253 дөгерек жумыс алып барып атырған болса, оларға  төрт мыӊнан аслам  перзентлеримиз қамтып алынған.

Әлбетте, халқымыздыӊ руўхыйлығын беккемлеўге хызмет ететуғын кино көркем өнерин раўажландырыў, миллий сериаллар ислеп шығарыў бойынша концепция жаратыў, “Cinema-park” эркин экономикалық зонасын шөлкемлестириў, жас художниклеримизди қоллап-қуўатлаў бағдарында ислениўи тийис жумыслар өткерилген мәжилисте белгилеп алынды.

Бүгинги күни Қарақалпақстан Республикасында 24 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, еки қәнигелестирилген мектеп, еки жоқары оқыў орны менен бирге Опера көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернаты жумыс алып бармақта. Президентимиз видеоселектор мәжилисинде мәденият тараўындағы билимлендириў мәкемелериниӊ жумысларын еле де арттырыў мақсетинде  музыка ҳәм көркем өнер мектеплери муғаллимлериниң мийнет ҳақысын 2024-жыл 1-апрельден 20 процентке, 2025-жыл 1-январьдан және 15 процентке шекем арттырыў, бул мектеплердиң коммуналлық қәрежетлерин бюджеттен қаплаў бойынша усыныс билдириўи де барлық тараў хызметкерлери ушын үлкен жаӊалық болды.

Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде республикамыздағы 24 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде мыӊға жақын муғаллимлер жумыс алып барып атырған болса, олардыӊ көркем өнерге қызығыўшы жасларымызға дәслепки көнликпелерди қәлиплестириўдеги хызметлери айрықша. Сонлықтан бул жерде мийнет етип атырған муғаллимлердиң мийнетин мүнәсип баҳалаў да үлкен әҳмийетке ийе.

Руўхыйлығы беккем халықтыӊ мәнәўияты, мәденияты жоқары болады. Сонлықтан мәнәўият ҳәр биримиздиң турмысымызда жаңа күн ҳәм жаңа ҳәрекетке айланыўы зәрүр. Мәмлекетимиз Жаӊа Өзбекстанды қурыў, Үшинши Ренессансты жаратыў дәўиринде халқымыз, әсиресе, жасларымыз қалбинде ҳәм санасында Ўатанға муҳаббат, журтымыз келешегине исеним, тыныш, еркин ҳәм абадан турмыстың қәдирине жетиў туйғысын күшейтиў бүгин ҳәр биримиздиӊ алдымызда турған әҳмийетли мәселе, баслы ўазыйпа.

Пурсаттан пайдаланып, республикамыздың барлық халқын елимизге қәдем таслап киятырған Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлайман. Илайым, 2024-жыл халқымызға үлкен табыс ҳәм бахыт алып келетуғын берекетли жыл болғай.

 

 

Бегисбай ТЕМИРБАЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри.

Қарақалпақстан хабар агентлиги