Кирип киятырған Жаӊа жыл байрамы ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниӊ 32 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы 10-санлы көзи әззи ҳәм төмен көретуғын балалар ушын қәнигелескен “Нурлы мәкан” мектеп интернатында “Жаӊа Өзбекстан армиясы – мәмлекет қүдирети, үлкен мақтаныш ҳәм садықлық тымсалы!” сүрени астында дөгерек сәўбети болып өтти. Онда Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимниӊ бир топар әскерий хызметкерлери қатнасты.

Меҳир ҳәм сақаўатқа толы болған илажда әскерий хызметкерлер мектеп оқыўшылары менен қызғын сәўбетлести. Дөретиўшилик байланысқа бай болған илаж кешесинде оқыўшылар әскер ағаларына косық, музыкалы шығыўлар менен байрам кейпиятын бағышлаған болса, Нөкис гарнизоны Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық орайыныӊ әскерий оркестр топары тәрепинен таярланған музыкалы шығыўлар кеўиллерге заўық бағышлады.

Илаж жуўмағында, әскерий бөлим сәркардалығы балаларға Жаӊа жыл байрамы саўғаларын тапсырды.




Қарақалпақстан хабар агентлиги