Әмелдеги нызамшылыққа бола, оқ атар қурал, оқ дәрилер, пневматикалық, сигнал бериўши, өзин-өзи қорғаў қуралларын тийисли лицензиясыз ямаса рухсатнамасыз алып жүриў, реализациялаў, Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў ямаса оннан алып шығыў, соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы аймағы арқалы транзит алып өтиў ушын жынаят ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершиликлер белгиленген.

Бирақ, соған қарамастан, айырым пуқаралар тәрепинен бундай товарлар ушын жуўапкершилик бар екенлигин биле тура, тийисли ҳүжжетлерсиз республикамызға алып кириўге урыныўы бойынша фактлер анықланбақта.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы «Даўыт ата» шегара бажыхана постына кирип келген пуқараның қол жүклери гүман туўдырып, бажыхана тексериўинен өткерилгенинде, ҳеш қандай ҳүжжетлерге ийе болмаған 12 калибрли 50 аң мылтығы гильзаларын нызамға қайшы түрде Россия Федерациясынан алып киятырғанлығы анықланди.

Мағлыўмат ушын: Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы хызметкерлери тәрепинен быйылғы жыл даўамында оқ атар суўық қураллар категориясынан жәми 31 пневматикалық қурал, 662 гильза ҳәм 2100 дана капсулалардың нызамға қайшы түрде мәмлекетимиз аймағына кирип келиўиниң алды алынған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги