Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Қоңырат районында жумыс алып барып атырған, Саўда-санаат палатасына ағза исбилерменлердиң жумыслары менен жақыннан таныстырыў мақсетинде ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.

Пресс-тур дәслеп райондағы «TALISMAN TEXTIL» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумыслары менен танысыўдан басланды.

Г.Ешмуратованың басшылығында жумыс ислеп турған бул тигиў цехында ҳәр қыйлы кийим-кеншеклер, перде ҳәм басқа да хожалық ушын керекли буйымлар тигилип, халыққа хызмет көрсетип келинбекте. Райондағы онлаған ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленген.

– Районымызда тийисли қарар ҳәм пәрманларға муўапық, үйинде жумыссыз отырған ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў, өзин-өзи бәнт етиў арқалы дәрамат дәрегине ийе болыўы ушын бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Быйылғы жылдың өзинде әмелге асырылған арнаўлы жойбарлар нәтийжесинде жеңиллетилген кредитлер, субсидиялар берилип, қоллап-қуўатлаў жумыслары әмелге асырылып, онлаған ҳаял-қыз өз исбилерменлик жумысын баслады. Өз гезегинде усындай бир қатар ҳаял-қызлардың да жумыс пенен тәмийинлениўине ерисилди,-дейди Саўда-санаат палатасы Қоңырат районлық бөлиминиң ҳаял-қызларды оқытыў бойынша бас қәнигеси Э.Азизова.

Илаж қатнасыўшылары «ASADBEK SIFAT SAVDO» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде де болып, ол жерде ислеп шығарылған ҳәр қыйлы мебель өнимлерин көрип, пикир-алысты.




– Жәмийетимизде қолы өнерли, истиң көзин билетуғын жумысшылар жумыс ислейди. Бул жерде сатылып атырған мебель өнимлериниң арзан баҳада болыўының себеби, олардың ҳәммеси өзимиздиң жумысшылар тәрепинен ислеп шығарылмақта.,-дейди жәмийет баслығы А.Якупбаев.

Буннан соң Қоңырат районында жайласқан натрий сульфид ислеп шығарыўға мөлшерленген «KKRASI CHEMICAL» ҳәм «USTYURT SODIUM SULFATE» ЖШЖ филиалының жумысы менен танысты. Бул жерде тийкарынан натрий хлор сыяқлы техникалық дузлар ислеп шығарылады.

Филиал ис басқарыўшысы С.Адилбеков кәрханада әмелге асырылып атырған жумыслар, техникалық дузларды таярлаўдың басқышлары, кәрхананы кеңейтиў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар туўралы мағлыўматлар берип, қатнасыўшылар оннан өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Илаж соңында райондағы мәмлекетлик хызметлер көрсетиў орайында баспасөз конференциясы өткерилди.

Онда атап өтилгениндей, 2023-жылдың январь-ноябрь айларында жәми 12497 исбилерменлик субъекти палата ағзалығына қабыл етилген. Соннан 73 и орта, 1200 и киши, 5961и физикалық тәреплерге, яғный жеке исбилерменлерге, 5263 и микрокәрханалар болып есапланады.

– Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен усы ўақытқа шекем исбилерменлик субъектлерине 34 түрдеги төлемли, 28 түрдеги бийпул хызмет түрлери көрсетилди. Жыл даўамында республикамыз бойынша жәми 3214 жумыссыз ҳаял-қыз исбилерменлик тийкарлары бойынша бийпул курсларда оқытылып, соннан 2812 ҳаял-қызға өз исбилерменлигин баслаўы ушын арнаўлы сертификатлар берилди,-дейди басқарманың мәлимлеме хызметиниң баслығы Б.Худайназарова. – Ҳаял-қызларға жәми 1,9 миллиард сумлық жеңиллетилген кредитлер ажыратылып, 215 ҳаял-қыз өз исбилерменлик жумысын баслады.

Жаслар да исбилерменликке оқытылып, жәми 75 жасқа 1,7 миллиард сумлық жеңиллетилген кредитлер ажыратылып, 98 жас  өз исбилерменлик жумысын баслады.

Илаж даўамында қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.





Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери