Мүнәсибет

Бүгинги күнде ҳәр бир тараўда алға қойылып атырған ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыўда өзлигимизди аңлаў ҳәм қәдириятларымызды беккемлеў, жәмийетте руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орталықты сақлаў, соның менен бирге, раўажландырыў үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, халықтың руўхый жақтан жетик ҳәм жоқары адамгершилик пазыйлетлерге мүнәсип болыўы – өз гезегинде жәмийеттиң алға илгерилеўине, раўажланыўына тийкар жаратады.

Усы жылдың 22-декабрь күни Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында болып өткен Республикалық Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң мәжилиси – бул бағдардағы жумыслардың еле де кең көлемде ҳәм нәтийжели орынланыўына үлкен тийкар болды.

Мәжилисте Президентимиз – бүгин мәнәўият басқа тараўлардан он адым алдында жүриўи, жаңа күшке,  жаңа ҳәрекетке айланыўы керек, деп айрықша атап өтип, бул бағдарда алдағы тийкарғы ўазыйпалар додаланып, 9 бағдар бойынша әҳмийетли басламалар алға қойылды.

Ең дәслеп, мәнаўият ҳәм мәденият тараўы ушын методикалық тийкар болып хызмет ететуғын миллий идеямызды раўажландырыў бойынша айрықша бағдарламадағы ҳужжет ислеп шығыў тийис екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, руўхый-ағартыўшылық тараўындағы жумысларда ҳәкимлердиң жуўапкершилигин арттырыў керек екенлиги атап өтилип, қала ҳәм районларда Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орынлары иске түсирилиўи, аймақлардығы 4 секторға қосымша Мәнәўият секторы иске түсирилиўи ҳәм бир қатар мәселелер бойынша анық тапсырмалар ҳәм ўазыйпалар  белгилеп берилди.

Тараўдағы жумысларды еле де жеделлестириў мақсетинде жәмийетимизде китапқумарлық мәдениятын арттырыў қоллап-қуўатланып, дөретиўшилик буйыртпалар, автор ҳәм аўдармашыларға қәлем ҳақының көбейтилиўи, баспа ҳәм полиграфия кәрханаларының қаржы имканиятлары кеңейтилиўи, финанслық-техникалық базасының беккемлениўи зәрүр екенлиги, усы мақсетте бул кәрханалар 5 жылға салықлардан азат етилиўи белгиленип, оларға жеңиллетилген кредитлер ажыратылыўы тараў ўәкиллериниң нәтийжели жумыс алып барыўына кең имканиятлар есигин ашады.

Сондай-ақ, Президентимиз аўдармашылықтай жуўапкершиликли мийнетти мүнәсип хошаметлеў ушын уллы шайыр ҳәм аўдармашы Огаҳий атындағы халықаралық сыйлықты шөлкемлестириў мәселесине де тоқтап өтти.

Және де атап өтиў орынлы – мәкеме ҳәм шөлкемлерде айдың бир күнин «Театр күни» деп жәриялаў усыныс етилди. Хызметкерлердиң театрларға барыўын жолға қойыўдың мақсетке муўапықлығы атап өтилип, Мәденият министрлигине Театр көркем өнерин раўажландырыў бойынша бағдарлама ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў ушын киргизиў ўазыйпасы тапсырылды.

Бағдарламада тарийхый ҳәм заманагөй темалар бойынша ең жақсы пьеса ушын дөретиўшилик буйыртпа бериў, драматурглерге 50 миллион сумнан қәлем ҳақы төлеў, дөретиўшилик ҳәм жәрдемши хызметкерлердиң раўажланған мәмлекетлердиң театрларында маманлық арттырыўын жолға қойыў ҳәм жас режессиёрларды қоллап-қуўатлаў ушын Маннон Уйғур атындағы сыйлықты шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.

Бул өз гезегинде елимиздеги тәжирийбели дөретиўшилер ушын үлкен имканиятлар жаратады ҳәм еле де изленип, мазмунлы шығармалар дөретиўине ийтермелеў менен бирге, халықтың руўхый жетиклигиниң  артыўына хызмет етеди

Алға қойылған ўазыйпалар, усыныс ҳәм басламалардың бүгингидей глобалласыў дәўиринде халықтың руўхый дәрежесин жоқарылатыў, елимизде жүз берип атырған жаңаланыўларда белсене қатнасыў, сонын менен бир қатарда, өсип киятырған жас әўладты мәдений ҳәм руўхый қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда әҳмийети оғада үлкен.

Себеби, тез пәт пенен раўажланып атырған жәмийетке мүнәсип болған, ҳәр тәреплеме руўхый жетилискен ҳәм кәмил инсанларды тәрбиялаў, қәдириятларға бай елимиздиң имканиятларын және де арттырыў – ҳәр биримиздиң ең тийкарғы ўазыйпамыз болып табылады.

 

Руслан Джумамуратов,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги