Қарақалпақстан  Республикаси прокуратурасының басламасы менен 2-сектор аймағындағы районлардың мектеп оқыўшыларының қатнасыўында «Зәкаўат» интеллектуаллық ойыны болып өтти.

Беруний, Төрткүл ҳәм Елликқала районлары оқыўшылары өз-ара беллескен жарыс жуўмағында, Беруний районы 1-орынды ийелеўге миясар болды.

Ал, екинши орынды Төрткул районы, үшинши орынды елликқалалы жаслар ийелеўге еристи. Жарыс соңында жеңимпаз командалар Қарақалпақстан  Республикаси прокуратурасы тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.




Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы