Шаңарақлық балалар үйи тəрбияланыўшылары, ата-анасының қараўысыз қалған балалар, ата-аналары Ўатанымыз шегараларын қорғаўда қайтыс болған əскерий хызметкерлердиң ҳәм социаллық қорғаўға мүтəж шаңарақлардың перзентлери ушын “Президент саўғасы” Қарақалпақстанға жетип келди.

Президент саўғалары қалалық ҳәм районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимлерине жиберилмекте. 3 жастан 15 жасқа шекемги балаларға мөлшерленген “Президент саӯғалары” қурамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң балаларға жоллаған Жаңа жыл байрам қутлықлаӯы, 17 түрдеги мазалы затлар, 2 атамадағы канцелярия буйымлары, смарт саат, дартс магнит тахтасы ҳәм басқа саўғалар киргизилген болып, байрам қарсаңында саўғалар өз ийелерине жеткерилиўи белгиленген. Сондай-ақ, 12 жастан үлкен тәрбияланыўшылардың саўғалары қурамына планшетлер де киргизилген.


Жаңа жыл алдында дәстүрге айланған Президент саўғаларын тапсырыў илажлары республикамыздың барлық қала ҳәм районларында 29-30-декабрь күнлери өткерилетуғын «Президент шыршасы» илажларында салтанатлы түрде тапсырылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги