Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Беруний районы бөлими тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети менен биргеликте өткерилген оператив илажда “права” алып бериўди ўәде еткен пуқара усланды.

Атап айтқанда, пуқара Ҳ.И. пуқара М.Ф.ның исенимине кирип, оған жоқары лаўазымда ислеўши танысларының жәрдеминде 400 АҚШ долларына айдаўшылық гүўалығын алып бериўди ўәде етеди. Соның  300 АҚШ долларын алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланды.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги