ХIХ әсирдиң ақыры ХХ әсирдиң басларында Түркстанда пайда болған жадид ҳәрекетиниң тийкарғы мақсети жәмийеттиң раўажланыўы ушын зәрүр болған барлық тараўларда жаңа идеяларды енгизиў еди. Бүгүнги күнде Өзбекстанда еркин пуқаралық жәмийет, ҳуқықый демократиялық мәмлекетти беккемлеўде  жадидлердиң гуманистлик ағартыўшылық  идеялары- пикирлери, руўхый күш-қуўат дәреги ретинде айрықша итибар қаратылып атыр.

2023-жыл 6-7 март күнлери  Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Репрессия қурбанларын еслеў мәмлекетлик музейи, Туркий мәмлекетлер шөлкеми, Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы ҳәм тағы басқа шөлкемлер және мәкемелер менен биргеликте өткерилген “Жадидлердиң билимлендириў ҳәрекети: идеялары, мақсетлери, ўазыйпалары ҳәм Түркстанды раўажландырыўға қосқан үлеси” атамасындағы халық аралық илимий-әмелий конференция болып өтти. Конференцияға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы Репресссия қурбанларын еслеў музейи директоры А.Қудияров, музей хызметкери А.Алимбетовлар «Қарақалпақстанда жадидшилик ҳәрекетиниң қәлиплесиў ҳәм раўажланыў тарийхынан атамасындағы баянаты менен қатнасып қайтқан еди.

2023-жыл 11- 12-декабръ күнлери “Жадидлер: миллий өзлик, ғәрезсизлик ҳәм мәмлекетшилик идеялары”атамасында Миллий масс-медианы қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик фонды, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Репрессия қурбанларын еслеў мәмлекетлик музейи, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Тарийх институты ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми менен биргеликте  конференция өткерилген еди.

Конференцияда Өзбекстанлы илимпазлардан тысқары Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Әзербайджан, Түркия, Россия Федерациясы, Венгрия, AҚШ, Германия, Нидерландия, Швеция, Япония ҳәм басқа мәмлекетлерден келген белгили алым ҳәм экспертлер қатнасып, онда  жадидлер  дәўиринде ҳаял-қызлардың белсенделиги  мәселелери, Түркстан жадидшилигиниң сырт елде үйренилиўи, соның менен бирге, бүгинги күнде жадидлер өмирин ҳәм ислерин үйрениўдеги перспективалы жобалар ҳаққындағы мәселелер айрықша көрсетип өтилди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы халық аралық илимий конференция қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўында  ағартыўшы ата-бабаларымыздың ибратлы ислери, олардың бай мийраслары, қуны ҳәм әҳмийетин еле жоғалтпай киятырғанын, Түркий тиллес мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, белгили сырт ел илимпазлары менен биргеликте терең изертлеў ҳәм үгит-нәсиятлаў зәрүр екенлигин атап өтип,  өз мәнис итибарына бола сийрек ушырасатуғын жәмийетлик-сиясий феномен болған жадидшилик идеясының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўына байланыслы дүньяның бир қатар мәмлекетлеринде көплеген изертлеўлер жаратылған болса да, бул ҳәрекет ўәкиллериниң Орайлық Aзия аймағында миллий мәмлекетшилик ҳәм регионаллық айрықшалықты, пуқаралық жәмийетиниң раўажланыўына қосқан үлкен үлесин концептуал ҳәм системалы тийкарда ҳәр тәреплеме үйрениў әҳмийетли мәселе болып қалып атыр, — делинген Президенттиң конференция қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўында.

Мәмлекетимиз басшысы жадидшилик ҳәрекетин «бийтәкирар жәмийетлик-сиясий феномен» деп атап өтеди.

«Бәршемизге белгили «тилде, пикирде, исте  бирлик“ деген ийгиликли идея менен ортаға шыққан жадид ата бабаларымыз халықларымызды наданлық ҳәм қалақлықтан алып шығыў, оларды ғәплет уйқысынан қутқарыўдың тийкарғы жолы — илим ҳәм билимде, дүньялық раўажланыўды ийелеўде, деп билди». Бул ҳаққында Президентимиз Республика Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық Кеңеси мәжилисинде айрықша тоқтап өтти.

Жадидлер ким болғанлығын түсинип алыў ушын сол дәўир тарийхын жүдә жақсы билиў зәрүр. Жадидшилик XIX әсирдиң ақыры – XX әсирдиң басында пайда болды. Егер биз жадидшилик ҳәрекети пайда болыўының тарийхый себеплерин түсиниўди қәлесек, тарийхқа бираз тереңирек кирип барыўымыз керек, XIX әсирдеги ағартыўшылықтың күшейиўи, қаншелли ғайры тәбийғый көринбесин, Орта Азия ханлықларының XVI әсирде Уллы Жипек жолының бираз ҳәлсиреўи менен байланыслы тәризде жүзеге келген қалақлығының объектив себеплерин аңлап алыўымыз керек болады. Сол ўақытта теңиз жоллары ашылып, Батыста, Европада технологиялар жедел раўажлана баслады. Субъектив себеплер болса халық хожалығы ҳәм улыўмалық раўажланыўға үлкен зыян жеткерген ишки урыслар болып табылады.

Түркстанды Россия империясы басып алғаннан кейин үлке метрополияны тәбийғый байлықлары, соның ишинде, пахта ҳәм жипек пенен бийғәрез тәмийинлеп турған шийки зат базасына айланды. Соң басқа тәбийғый ресурсларды да қазып алыў ҳәм орайға жибериў бағдарламасы ислеп шығылып, тек ғана усы мақсетлерге ерисиўде хызмет етиўши тараўлар ғана раўажландырылды. Ағартыўшылық тараўында мәдений дағдарыс жүз берди, билимлендириўге кеўил бөлинбеди. Сонлықтанда жадидлер – жаслар, бул тийкарынан жаслар ҳәрекети еди. Тарийхтан белгили жадид ҳәм жаслардың сүйикли жазыўшысы Шолпан 1910-жылды 13 жаста, Беҳбудийдиң жасы болса 30 дан асқан еди. Бул жаслар интеллектуаллық жақтан раўажланған ҳәм Түркстанның дүньялық раўажланыўдан арқада қалып атырғанлығының себеплерин түсинетуғын еди.

Бул  ҳәрекетлер нәтийжесинде Түркстанда жаӊа ояныў дәўири басланды. Жадидлердиӊ социаллық, экономикалық ҳәм мәдений турмысты жаӊалаў, жәмийетте реформалар өткериўге қаратылған бағдарламасы  тийкарынан төмендегилерден ибарат еди:

– жаӊа дүньялық халық ағартыўшылық тармағы ҳәм жоқары билимди

қәлиплестириў;

– миллий баспасөзди жаратыў  – газета ҳәм журналларды басып шығарыў;

– түрли ағартыўшылық ҳәм  қайырқомлық жәмийетлерин дүзиў;

– миллий театр өнерин раўажландырыў;

– талантлы жасларды шет мәмлекетлерге оқыўға жибериў.

Ағартыўшылардыӊ миллет  келешеги жолындағы  бул  ҳәрекетлери  патша Россиясы ҳүкимети тәрепинен қатты қысымға алынды.

Хорезм территориясында жадид идеялары XIX әсирдиң екинши ярымынан баслап кең тарқала баслады. Хийўа ханы Муҳаммед Раҳим – Феруз лақабы менен қосықлар жазған – билимли инсан болған. Оның шарапаты менен дәслепки баспахана Россиядан сатып алынып, Хийўаға алып келинген, биринши жадидлар мектеби, ҳәттеки қыз балалар ушын жадидлер мектеби ашылған. Хийўа ханлығының бас ўәзири Исламхожаның бул ҳәрекетте қәўендер сыпатында әмелге асырған жумысларын айрықша айтып өтиў керек. Себеби ол “усыл ул-жадид” мектеплерин раўажландырыўға ҳәр тәреплеме жәрдем берген ҳәм бундай мектеплердиң әҳмийетин түсинген.

Сол себепли Орта Азияның мусылман мәдений дәстүрин модернизациялаўды жақлап шыға баслады. Олар реформаны ислам тәлийматын аңлап жетиўден баслады. Сол себеп Қуран ҳәм ҳәдислерден ҳәмме зат билимге таяныўын тастыйықлайтуғын орынларды излеўге түсти. Бизге белгили болғанындай, Қуранның ¼ бөлеги тарийхқа арналған, пүткил тарийх болса өткен заманның интеллектуаллық тәжирийбесин түсинбей турып, дүнья интеллектуаллық тәжирийбесин аңламай турып, айырым нәрселерге ерисип болмайтуғынынан дәрек береди.

Усы жерде сабақлықлар жәриялаўда Маҳмудхожа Беҳбудий ҳәм Мунавварқарының хызметлерин айрықша тән алыў керек. Дәслеп сабақлықлар болмаған. Олар Россиядан алып келинген ҳәм татар мектеплерине мөлшерленген. Исмайыл Гаспринский бул мәселеде үлкен жәрдем көрсеткен. Жадидлер соң өзлери сабақлықларды жазып баспадан шығарыўға өткен. Мунавварқары ҳәм Беҳбудий жүдә көп сабақлықлар жазған. Мысалы, “Китабы аввал” ямаса математика, әдебият, география бойынша сабақлықларды алайық, әлбетте, олар қайсы дәрежеде Россия сабақлықларынан өзлестирилген болыўы мүмкин, лекин соған қарамастан, бул күтә үлкен алға илгерилеў еди. Жадид мектеплери классларында глобус турған. Бул ески мектеплер менен салыстырғанда, пүткиллей жаңа нәрсе еди ҳәм әлбетте, әжайып нәтийжелер берген.

Жадидлердиң көпшилиги орыс тилин жақсы билген. Тил концепциясы Беҳбудийдиң “Бир тил емес, төрт тил керек” деп аталған мақаласында ашып берилген, яғный оған қарағанда, Россия империясында жасап атырғанымыз себепли, әсиресе, орыс тилин билиўимиз зәрүр. Биз ис-ҳәрекетимиз тактикасын ислеп шығыў ушын қандай басқарылып атырғанымызды түсинип алыўымыз шәрт. Жадид мектеплеринде орыс тили де оқытылған. Олар Европа әдебиятын да үйренген.

Ҳәттеки буған Фитраттың “Шаңарақ ҳәм шаңарақты басқарыў тәртиби” қолланбасын да мысал етип келтириўимиз мүмкин. Әлбетте, қолланба мусылманлар турмысы ҳәм мусылман шаңарағы нормаларын билиўге тийкарланған.

Қарақалпақстан аймағына да жадид идеялары кирип келди, үлкемиздиң зыялы адамлары бул ҳәрекетти қоллап қуўатлады. Ағартыўшылар ең алды менен билимлендириў системасын реформалаў идеясы менен шығып, жаӊа усыл мектеплерин шөлкемлестирди. Жаӊа усыл мектеплеринде дүньялық илимлер менен бирге илимий билимлерде оқытылған.

Шымбай мектебиниң белгили шайыры ҳәм қосықшы-қыссаханы Қазы Мәўлик Бекмухаммед улы болып есапланады. Ол 1885-жылы Шымбай қаласында Бекмухаммед ахун шаңарағында дүньяға келген. Ол биринши рет Шымбай қаласындағы Әлий ахун мешит-медресесинде оқып, соң  Қарақум медресесинде ҳәм Бухара медреселеринде оқыўын даўам еттиреди. Қазы Мәўлик араб, парсы тиллерин билетуғын саўатлы адам болған. 1918-1924-жыллары қарақалпақ халқының көрнекли ўәкиллери болған Қ.Әўезов ҳәм С.Мәжитовлар менен биргеликте араб графикасындағы жаңа әлипбени дүзиўге қатнасқан. Соның менен бирге, китап алып келиў ушын Ташкенттеги Көкалдаш медресесине қатнаған. Алып келген китапларды қайта көшириўшилерди шөлкемлестирип, аўдарма ислеп ҳәм халық арасына тарқатып отырған.

Жадид бабаларымыздың илимий мийрасын үйрениў ҳәм оны кеңнен үгит-нәсиятлаў бүгинги күнимиз ушын жүдә әҳмийетли, сонлықтан да  ағартыўшы жадид бабаларымыздың идеяларын үйрениў ҳәм раўажландырыў бойынша Президент қарары қабыл етилиўи белгиленди.

 

 

Саламат Сулайманов тарийх илимлериниң докторы(DSc), доцент, ҚМУ Археология кафедрасы профессоры ў.ў.а..

Аңсатбай Алимбетов тарийх илимлери бойынша философия докторы(PhD), ҚМУ Археология кафедрасы доценти ў.ў.а.

Қарақалпақстан хабар агентлиги