Жаӊа жумыс орынларын жаратыў, халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў бүгинги күнниӊ еӊ әҳмийетли мәселелеринен бири. Салық кодексиниӊ тийисли статьялары исбилерменлик субъектлерине олар тәрепинен жумыс орынларыныӊ санына қарап төленетуғын салықларды азайтылған ставкаларда ҳәм бөлип-бөлип төлеўге имканият бериўди нәзерде туатуғын нормалар менен толықтырылмақта.

Усы тәртиплерди өз ишине алған “Кәмбағаллықты қысқартыўда исбилерменлик субъектлери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў орнатыўға қаратылған илажлар белгиленгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасыныӊ Салық кодексине қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары Нызамшылық палатасыныӊ мәжилисинде көрип шығылды.

Бюджет ҳәм экономикалық реформалар комитетиниӊ баслығы Ш.Назаровтыӊ атап өтиўинше, бул нызам жойбарыныӊ қабыл етилиўи салық ҳәкимшилигин әпиўайыластырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Салық кодекси нормаларыныӊ тиккелей әмел етиўине ҳәм халық бәнтлигиниӊ өсиўине, кәмбағаллықты қысқартыўға  ҳәм кем тәмийинленген шаӊарақ ағзаларын жумысқа қабыл етиўде исбилерменлик субъектлерин хошаметлеў ушын қолай шараятлар жаратыўға хызмет етеди.

Додалаўлар даўамында депутатлар нызам жойбарыныӊ әҳмийетлилигин тән алған ҳалда оны қабыл етти.


Муҳтарама Комилова, ӨзА