Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Өзбекстан Республикасында усақлап сатыў қағыйдаларына қосымшалар киргизиў ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған бола, сатыўшы тәрепинен алды-сатты шәртнамасын дүзиўде барлық тутыныўшыларға теӊ имканиятлар жаратылады.

Қарарға бола, егер базарда тийкарғы статусқа ийе сатыўшыдан өзи тәрепинен ислеп шығарылған автомототранспорт қуралын сатыўда ишки базардағы талапты қанаатландырыў имканияты болмағанда, бир шахс пенен 12 ай даўамында автомототранспорт ушын екиден артық шәртнама дүзилгенде, сатыўшы кейинги 12 ай даўамында усы өним ушын қайта шәртанама дүзиўден бас тыртыў ҳуқықына ийе болады.

 ӨзА