Нызамшылыққа бола, төмендегилер:

— микроқарыздыӊ еӊ жоқары муғдары 50 млн сумнан 100 млн сумға шекем арттырылады;

— банк емес кредит шөлкемлери акционерлик жәмийети яки жуўапкершилиги шекленген жәмийет түринде шөлкемлестириледи;

— микроқаржы шөлкемлерине резидент болмағанлардан сырт ел валютасында қарыз қаржыларын тартыў ҳәм юридикалық тәреплерге сырт ел ваютасында қаржылай хызметлер көрсетиўге рухсат бериледи;

— физикалық тәреп болған қатнасыўшылардан (акционерлерден) устав фондына (устав капиталына) киргизилген үлес суммасыныӊ яки олардыӊ ийелигиндеги акциялардыӊ номинал көлеминиӊ еки есесинен артпайтуғын муғдарда қарыз қаржыларын тартыўға рухсат бериледи;

— микроқаржы шөлкемлери тийисли лицензия алған ҳалда төлем шөлкеми жумысын әмелге асырыў ҳуқықына ийе болады;

— физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден банк емес кредит шөлкемлериниӊ устав капиталындағы үлесине ийелик етиў ушын Орайлық банктиӊ дәслепки рухсатнамасын алыў талабы нызамшылықта белгиленген 10 процентлик үлести 20 процентке арттырыў арқалы жумсартылады.

Онда, алынып атырған үлес муғдары 10 проценттен 20 процентке шекем болғанда Орайлық банкти хабардар етиў тәртиби енгизиледи;

— микроқаржы шөлкемлерине коммерциялық банклерден кредит ресурслары тартылғанда яки исбилерменлик субъектлерине микроқаржы шөлкемлеринен микрокредит алынғанда “Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы” АЖ кепиллигин бериў имканияты жаратылады;

— коммерциялық банклерге микроқаржы шөлкемлерине кредит ажыратыўда олардыӊ көрсетилген микрофинанслық хызметлери бойынша талап етип алыў ҳуқықын гиреўге алыў ҳуқықы бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги