“2024-жыл ушын Өзбекстан Республикасыныӊ Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы нызамға Президент тәрепинен қол қойылды.

Нызам менен 2024-жыл ушын Өзбекстанныӊ консолидацияласқан бюджетин қәлиплестириў ҳәм орынлаў менен байланыслы қатнасықлар тәртипке салынды.

Социаллық жақтан әҳмийетке ийе миллий ҳәм мәмлекетлик бағдарламаларға ажыратылған грант қаржыларыныӊ белгиленген муғдарлары Нызамға өзгерис киргизилместен көбейтиледи.

Өзбекстан бюджет системасы бюджетлериниӊ 6 айлық орынланыўыныӊ жуўмақлары бойынша дәраматларыныӊ прогнозы орынланбаған ҳәм әмелдеги қаржы жылыныӊ ақырына шекем олардыӊ келип түсиўи ушын жетерли тийкар болмаған жағдайларда, республика бюджети улыўма қәрежетлериниӊ 3 ҳәм оннан аслам проценти муғдарындағы қәрежетлерди қысқартыў Олий Мажлис палаталары тәрепинен, 3 проценттен кем муғдардағы қәрежетлерди қысқартыў Министрлер Кабинетиниӊ қарары тийкарында әмелге асырылады.

Өзбекстанныӊ атынан шығарылатуғын мәмлекетлик баҳалы қағазлардыӊ шекленген таза көлеми 25 триллион сум муғдарында белгиленди. 2024-жыл ушын Өзбекстан консолидацияласқан бюджети дефицитиниӊ шекленген муғдары жалпы ишки өнимниӊ 4 проценти муғдарында белгиленди.

Нызамға бола, салықлардыӊ төмендеги түрлери районлар ҳәм қалалардыӊ бюджетлерине толық көлемде өткериледи.

Атап айтқанда, Физикалық тәреплерден алынатуғын мүлк салығы, физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы, мүлкти ижараға бериўден алынатуғын жыллық дәрамат ҳаққындағы декларацияға тийкарланып физикалық тәреплер жағынан төленетуғын салықлар усылардыӊ қатарына киреди.

Сондай-ақ, ЖТИлер тәрепинен төленетуғын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы, суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық, оған электр станциялары тәрепинен төленетуғын салық кирмейди, рудалық емес қурылыс материаллары бойынша жер астынан пайдаланғанлығы ушын салық.

Нызам 2024-жыл 1-январьдан күшке киреди.

Ш.Маматуропова, ӨзА