Нөкис қаласындағы Жаслар орайында пүткил дүньяға белгили Амазон компаниясында жумыс ислеген дәслепки қарақалпақстанлы қәниге Бекназар Абдикамалов ҳәм Қазақстандағы ең жақсы 40 интернет компанияларынан бири болған, гүл жеткерип бериўши компания басшысы Санат Есжан бизнеске қызығыўшылығы бар жаслар менен ушырасты.

Онда Бекназар Абдикамалов ҳәм Санат Есжанлар өзлериниң басып өткен өмир жолы, мақсетке ерисиў жолындағы дәслепки қәдемлери, қыйыншылықлар ҳәм оны жеңип өтиў жоллары ҳаққында кең түрде айтып берди.

Ушырасыў кешесинде республикамыз жаслары өзлерин қызықтырған мәселелер бойынша сораўлар берип, оларға жуўап алды.




Өткерилген бул ушырасыў даўамында кеше мийманлары жасларға мотивация бағышлап ғана қоймастан, көбирек китап оқып, бәрқулла өз үстинде излениў ҳәр қандай тараўда әҳмийетли екенлигин айтып өтти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы