Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жылы 17-январ күнги «Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған «Меҳир дәптери» системасын енгизиў илажлары ҳаққында”ғы 26-санлы қарары тийкарында республикамызда бир қатар жәрдемге мүтәж жаслар турақ жайлар менен тәмийинленбекте.

Қанлыкөл районы ҳәкимлиги, ҳәкимликтиң Балаларды қорғаў секторы тәрепинен де бул ислерге айрықша итибар қаратылып, олар тәрепинен жаңа жыл қарсаңында 2001-жылы туўылған Дәўлетбай Амантаев  Нөкис қаласы «Туңғыш қоныс» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан турақ жай менен тәмийинленди.

Имаратты тапсырыў салтанатында район ҳәкими Б.Султанов қатнасып,  Дәўлетбай Амантаевқа жаңа үйдиң гилтин тапсырды ҳәм бундай жасларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў еле де даўам ететуғынлығын атап өтти.







Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы