Мүнәсибет

Соңғы жыллары мәмлекетимизде шаңарақты беккемлеў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў, гендер теңлигин тәмийинлеў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылып барылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң жумысын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 2023-жыл 21-декабрьдеги пәрманы қабыл етилгенлиги жәмийетимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў анық ўазыйпа етип алғанлығы менен айрықша әҳмийетли болып табылады. Соның менен бирге, ҳаял-қызлардың жәмийетимиз турмысындағы сиясий белсендилигин арттырыў, ҳуқықларын қорғаў ҳәм нызамлы мәплерин тəмийинлеўде зәрүрли фактор болмақта.

Қуўанышлы тәрепи сонда, инталы ҳаял-қызларды анықлаў, кәсиплик көнликпелерин арттырыў, олардың мүнәсип жумыс табыўына көмеклесиў ҳәм исбилерменлигин раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылып, алдағы ўазыйпалар анық белгиленген.

Сондай-ақ, зорлық ҳәм басымға ушыраған ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў мақсетинде шаңарақлық судьялар штатларының енгизилиўин айрықша жаңалық деп билемиз.

Ҳүрметли Президентимиз «Бүгинги абадан турмысымыз да, айдын келешегимиз де ҳаял-қызларға байланыслы. Егер, халқымыз бизлерден разы болыўын қәлесек, алды менен  аналарымыз, апа-қарындасларымыз ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыўымыз керек. Ана разы болса, шаңарақ разы болады, шаңарақ разы болса, жәмийет разы болады» – деп айтып өткен еди. Жуўмақлап айтатуғын болсақ, ҳаял-қызлар ушын жаратылған мүмкиншиликлер ҳәм алып барылып атырған реформалар жәмийетлик турмысымызда өз сәўлелениўин таппақта. Бул реформалардың әмелге асырылыўы жәмийетимизде ҳаял-қызлардың орнын абырайын арттырыўға үлкен имканиятлар жаратады.

Г.Сейтназарова,

Тахтакөпир районы ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги