Шоманай районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы Бәркамал әўлад балалар мектебинде «Кел үлкеме, Жаңа жыл!» атамасында байрам кешеси болып өтти.

Оған ата-аналар, дөгерек ағзалары ҳәм мектеп жәмәәти қатнасты.

Кешеде мектеп директоры Ж.Жаримбетова шығып сөйлеп, қатнасыўшыларды кирип киятырған жаңа 2024-жыл менен қутлықлады ҳәм өтип баратырған жыл даўамында жумысларда өз белсендилигин көрсеткен бир қатар дөгерек басшыларына Ҳүрмет жарлықларын тапсырды.

Соңынан мектептиң  дөгерек ағзалары тәрепинен жаңа жыл кешесине арнап таярлаған концерт бағдарламасы қатнасыўшыларға өзгеше заўық бағышлады.





Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы