Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң басламасы менен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлар Кегейли районында халықты заманагөй турақ жай менен тәмийинлеў ҳәм социаллық объектлердеги қурылыс  жумыслары менен жақыннан танысыў мақсетинде медиа-тур шөлкемлестирилди.

Илаж қатнасыўшылары дәслеп, районда бой тиклеген “Жаңа Өзбекстан” турақ жайлар массиви менен танысты. Бул ушын Ақтуба аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 10,8 гектар жер майданы ажыратылған болып, онда 600 квартиралы  20 көп қабатлы турақ жай қурыў режелестирилген. Быйылғы жылдың жуўмағы менен 80 квартиралы турақ жай ҳәм социаллық объектлер қурылып питкерилди. Медиа тур даўамында қатнасыўшылар жаңа имаратлардың ишки имканиятлары менен танысты.

Турақ жай массивин инженерлик-коммуникациялар менен тәмийинлеў мақсетинде бүгинги күнде массивке қуўатлылығы 400 кВА болған бир дана трансформатор жаӊадан орнатылды. Сондай-ақ, 16 дана темир бетон электр бағанасын, 10 кВ болған   620 метр электр тармағы ҳәм 0,4 кВ болған 60 метр Сип кабель тартыў жумыслары әмелге асырылды.

Сондай-ақ, массивте халықты социаллық жақтан қорғаў, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм орта билим бериў, халыққа медициналық хызмет көрсетиўди жолға қойыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 16-июльдағы бийлиги тийкарында смета баҳасы   12,6 миллиард сум болған жаӊадан 320 орынлық мектеп, смета баҳасы 7,1 миллиард сум болған жаӊадан 180 орынлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, смета баҳасы 1,648 миллиард сум болған жаӊадан 50 орынлық шаңарақлық медицина пункти имаратларын жаӊадан қурыў жумыслары алып барылды.

Буннан соң, қатнасыўшылар  Мәмлекетлик хызметлер орайының заманагөй имаратында болып, пуқаралар ҳәм хызметкерлер ушын жаратылған шараятлар,  халыққа хызметлер көрсетиўдиң сапасын жақсылаў бойынша алып барылып атырған жумысларды көзден өткерди. Имарат қурылысында оның заманагөй қала қурылысы нормаларына сәйкес келиўи, әсиресе,  физикалық имканияты шекленген инсанлар ушын ең қолайлы шараятлар жаратылыўына айрықша итибар қаратылған. Жаңа орайда электрон система,  мәлимлеме, өз-өзине электрон хызметлер көрсетиў ушын заманагөй аймақ,  балалар майданшасы да орын алған.  Бүгинги күнде орай районның 74 мыңнан аслам халқына 300ден артық мәмлекетлик хызмет  көрсетиў мүмкиншилигине ийе.

Жаңадан бой тиклеп атырған заманагөй имаратлар халыққа сапалы хызмет көрсетиў менен бирге, районның көркине көрк бағышламақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги