Жаӊа жыл байрамы алдынан республикамыздыӊ қала ҳәм районларындағы жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген шаӊарақлардыӊ ҳал-жағдайынан хабар алыў ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде басланған “Меҳир ҳәрекети” қайырқомлық илажы даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ басламасы менен басланған бул ҳәрекет Нөкис қаласындағы 17-санлы мектеп жәмәәти тәрепинен қоллап-қуўатланды. Атап айтқанда, мектеп директоры, “Адолат” социал демократиялық партиясынан Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты А.Абдреймова басшылығында 21-киши районда жасаўшы  кем тәмийинленген, бағыўшысынан айырылған, жәрдемге мүтәж шаӊарақлардыӊ, ден саўлығына байланыслы үйде оқытылып атырған оқыўшылардың ҳал жағдайынан хабар алынды.

Оларды Жаңа жыл менен қутлықлап, байрам саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги