Хожели районлық Айрықша жағдайлар бөлими тәрепинен Жаңа жыл ҳәм «Президент шыршасы» байрамы илажлары даўамында жүзеге келиўи мүмкин болған айрықша жағдайларды сапластырыў бойынша арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы өткерилди.

Оқыў шынығыўы даўамында айрықша жағдайлар системасына  кириўши хызметлер ҳәм «Жыйналмалы механизация отряды»ның сап көриги өткерилип, тийисли хызметлер тәрепинен байрам илажы өткерилетуғын орында жүз бериўи мүмкин болған кеўилсиз ҳәдийселерди сапластырыў бойынша илажлар әмелий түрде көрип шығылды ҳәм шынығыўда жол қойылған кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.




Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы