Соӊғы жылларда елимизде  Президентимиз тәрепинен мәхәлле институтын раўажландырыў, соныӊ ишинде, өзин-өзи басқарыў уйымларының  материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша кең көлемдеги жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

Атап айтатуғын болсақ, бүгинги күнге келип республикамыздағы көплеген пуқаралар жыйынларының кеңсе имаратлары жаңадан қурылып, олар халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды. Тек усы жылдың өзинде мәҳәллелеримиз «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» қоры есабынан 152 стол, 105 шкаф, 36 стул, 131 тумбалар және 21 компьютер ҳәм принтер қурылмалары менен тәмийинленди.

25-декабрь күни усындай ийгиликли ислер даўам етип, республикамыздағы 48 өзин-өзи басқарыў уйымларыныӊ материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде, оларға  зәрүрли кеӊсе буйымлары алып келинип, Қарақалпақтан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри С.Турманов тәрепинен тапсырылды.



-Бул еле бәри емес. Алдағы ўақытлары 90 мәҳәллени компьютер, ал 34 мәҳәллени болса, принтер қурылмасы менен тәмийинлеў режелестирилген,-дейди бизге усы министрликтиң Мәлимлеме хызмети баслығы Чаржаўбай Елмуратов.

Өзлерине көрсетилип атырған бундай қоллап-қуўатлаўдан  кеўиллери толған пуқаралар жыйынлары баслықлары елимиз басшыларына терең миннетдаршылық билдирди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы