Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги менен биргеликте районлардан келип оқып атырған студент-жаслар ушын бийпул автобуслар шөлкемлестирилди.

Бул автобуслар студентлердиң қысқы демалыс дәўирин үйлеринде өткериўи, өз мәнзиллерине қәўипсиз жетип алыўы ушын шөлкемлестирилген болып, оларды институттың профилактика инспекторы, капитан Б.Машарипов ҳәм педагог-тәрбияшы Р.Қудияровалар шығарып салып, кирип киятырған жаңа жыл байрамы менен қутлықлап, мазмунлы дем алыс ҳәм ҳақ жол тиледи.




Автобуслар институттың 1-санлы студентлер турақ жайы алдында өз үйлерине қайтыўға топланған студентлерди алып, Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети ўәкиллери басшылығында белгиленген районларға қарай жол алды.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары және Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң тийисли буйрығы тийкарында жоқары оқыў орынлары студентлери ушын қысқы дем алыс мүддети 2023-жылдың 25-декабринен 2024-жылдың 7-январына шекем етип белгиленген. Сабақ процесслери 2024-жыл 8-январьдан басланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги