Қоңырат районында жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти.

Оған район ҳәкими Б.Мадаминов, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бөлиминиң баслығы Э.Исматов қатнасты.

Ушырасыўда район ҳәкими Б.Мадаминовтың 2023-жылда жаслар сиясаты ҳәм бағдарламалардың орынланыўы бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында есабаты тыңланды. Буннан соң жаслар менен ашық сәўбетлесиў шөлкемлестирилди ҳәм жасларды қыйнап киятырған машқалалар, пикир-усыныслары тыңланды.

Ушырасыўда «Жаслар дәптери»не киргизилген 10 жасқа 24 миллион 432 мың сум муғдарында контаркт пуллары төлеп берилгенлиги ҳаққында ваучерлер, 20 жасқа 30 миллион сум муғдарында алты айлық оқыў курслары қәрежетлери төлеп берилгенлиги бойынша ваучерлер тапсырылды.

Исбилерменликке қамтып алыў ҳәм өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде 15 қызға субсидия тийкарында тигиў машиналары, бир жасқа гөззаллық салоны үскенелери топламы, 5 жасқа кепсерлеў үскенеси тапсырылды.

«Жаслар форумы-2023» илажы шеңберинде ҳәкимликлердиң, орынлардағы тийисли шөлкемлердиң, тараў басшыларының жаслар менен ушырасыўлары, сәўбетлесиўлери даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.