Бажыхана комитети баслығының жаслар менен «Жас бажыханашылар форумы» шеңбериндеги ушырасыўы болып өтти.

Илажға бажыхана комитетиниң ҳәм видеоконференцбайланыс тәризинде аймақлық бажыхана басқармалары менен бир қатарда бажыхана шөлкемлерине бириктирилген мектеп оқыўшылары ҳәм арнаўлы категориядағы жаслар, соның менен бирге, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси жуўапкерлери қатнасты.

Комитет баслығы елимиз жаслары – Жаңа Өзбекстанымыздың ең үлкен байлығы, бийбаҳа ғәзийнеси екенлигин, мәмлекетимиз раўажланыўының жаңа тийкарын жаратыўда Ўатан белсенди, ўатанға пидайы жаслардың күш-ғайратына сүйенетуғынлығын атап өтти.

Шынында да, жас әўладты билимли, бәркамал ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға болған итибар, соңғы жыллардағы елимиздеги ең әҳмийетли мәселелердиң бирине айланбақта. Усы реформалар шеңберинде бажыхана шөлкемлеринде де жасларымыздың профессионал бажыхана хызметкери болып қәлиплесиўи ушын барлық шараятлар жаратылмақта ҳәм соның нәтийжесинде, жас бажыханашылар сырт мәмлекетлердиң абырайлы университетлеринде оқып келмекте.

Президентимиздиң басламасы менен жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, бажыханашы кәсибине қызықтырыў мақсетинде басқармаға бириктирилген орта билимлендириў мектеби оқыўшыларына нызам ҳүжжетлериниң мазмунын түсиндириўге қаратылған «Жаңа Өзбекстан бажыханасы» мүйешлери шөлкемлестирилип, «Жас бажыханашы» дөгереклери, «Бажыхана билимданы»  таңлаўы, бажыхана постларында «Ашық есиклер күни» өткерилмекте және «Бажыхана дүньясы» әмелий оқыў қолланбасы ислеп шығылып, мектеп китапханаларына тапсырылды. Мектеплердиң материаллық-техникалық базасын жетилистириў мақсетинде компютер, телевизорлар тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен жәрдемге мүтәж жаслар қатламына киргизилген қырққа шамалас жаслар менен системалы жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, арнаўлы категориядағы жаслардың кәсип-өнерге ийе болғанларына зәрүр жумыс қураллары алып берилди, балалықтан майыплығы болған жасларға майыплық арбашалары, соның менен бирге, созылмалы кеселлиги бар жаслардың тийисли шыпакер тексериўлеринен өтип емлениўи ушын жәрдемлер берилди.

Илажда Бажыхана комитети баслығының буйрығына бола бир топар белсенди жаслар «Бажыхана хызмети ағласы», «Жас бажыханашы» көкирек белгилери, естелик қол саатлары, саўғалар ҳәм ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.