Мине, көзди-ашып жумғанша 2023-жыл жуўмақланып, елимизге  жаңа жыл кирип келмекте. Бул байрам ҳәр жылы халқымыз тәрепинен үлкен қуўаныш пенен күтип алынады. Әсиресе, жасларымыз жаңа жыл байрамын көтериңки руўхта белгилеўге қызғын таярлықлар көреди.

θзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы жәмәәти де жаңа жыл байрамын  жоқары кейпиятта күтип алыў мақсетинде, «Хош келдиң жаңа жыл әзиз елиме!» атлы байрам кешесин өткерди.

Кешеде филиал директоры Б.Еримбетов профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлерди елимизге қәдем таслап кирип киятырған Жаңа жыл менен қызғын қутлықлап,  жуўмақланып атырған «Жасларға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда филиалдың ерискен жетискенликлери менен қолға киргизген табысларын айрықша атап өтти.

Байрам кешеси қарақалпақ эстрада жулдызлары,  θзбекстан мәмлекетлик көркем өнер институты Нөкис филиалы студентлериниң атқарыўындағы қосықлар,  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» топары ағзаларының ҳәзиллери ҳәм филиал студентлери тәрепинен таярланған ҳәр қыйлы кеўил ашар ойынларынан ибарат концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Сондай-ақ, байрам кешесинде 2023-жылы  оқыўда ҳәм жәмийетлик ислерде белсендилик көрсеткен, ҳәр қыйлы жарыс ҳәм таңлаўларда жеңимпазлықты қолға киргизген студентлер,  олардың ата-аналары филиал ҳәкимшилиги тәрепинен Ҳүрмет жарлығы,  диплом ҳәм ваучерлер менен сыйлықланды.

Байрам кешеси барлық қатнасыўшыларға хош кейпият бағышлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.