«Жаслар форумы-2023» илажы шеңберинде ҳәкимликлердиң, орынлардағы тийисли шөлкемлердиң, тараў басшыларының жаслар менен ушырасыўлары, сәўбетлесиўлери даўам етпекте.

Хожели районы ҳәкимлигинде де форум шеңберинде «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти.

Оған, район ҳәкиминиң биринши орынбасары Қ.Кудайбергенов ҳәм Жаслар ислери агентлиги районлық бөлиминиң баслығы И.Абдижаббаров қатнасып, соңғы жыллар даўамында жасларға болған итибар, әмелге асырылып атырған илажларды атап өтип, райондағы жетискенликлер ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

«Жаслар дәптери» қоры тәрепинен жәми 68 жастың төлем-контрактлери ҳәм илимий оқыў курсларына қаржылар ажыратылып, ушырасыўда оларға арнаўлы “vaucher”лер салтанатлы түрде тапсырылды.

Илажда жаслардың да пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.